Ташкентте «VIII Пүткил дүнья пахта изертлеў конференциясы» (WCRC-8) жумыс баслады.

1994-жылдан баслап пахта жетистиретуғын мәмлекетлерде ҳәр төрт жылда бир мәрте өткерилип киятырған, ҳәзирги ўақытқа шекем Автралия, Греция, Қубла Африка, АҚШ, Ҳиндстан, Бразилия, Египет сыяқлы мәмлекетлерде шөлкемлестирилген бул әнжуман  пайтахтымызда биринши мәрте «7-октябрь – Пүткил жержүзилик пахта күни» мүнәсибети менен шөлкемлестирилди. Әнжуман Халықаралық пахта изертлеўшилери аўқамы (ICRA), Халықаралық пахта бойынша мәсләҳәт комитети (ICAC) ҳәм Халықаралық пахта геноми басламасы (ICGI) шөлкемлери менен биргеликте шөлкемлестирилген.



















Илажда  мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы, атап айтқанда пахта жетистириў ҳәм өимди қайта ислеў бағдарындағы избе-из реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Пахта жетистириўде мәмлекетлик буйыртпа бийкар етилип, еркин базар принципине өтилген. Кластер системасы басқышпа-басқыш раўажландырылып барылмақта. Конференцияны биринши мәрте мәмлекетимиз өткерип атырғаны, бағдарламаға бола бир қатар әҳмийетли илажлардың өткерилиўи ҳәзирги процессти әмелде тастыйықлайды.

– Мәмлекетимиз дүнья бойлап пахта жетистирилиўи мониторингин жүргизетуғын ири шөлкем – Халықаралық пахта бойынша  мәсләҳәт комитетине 1998-жылы ағза болған, – дейди Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов. – Соңғы жылларда тараўға санлы технология ҳәм жасалма интеллектти  енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Дүнья көлеминдеги жетик илимпазлар тартылып, жаңа усыллар тастыйықланады. Илаж шеңберинде пахташылықтың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан  қәнигелерди сыйлықлаў да дәстүрге айланған. Мәселен, мәсләҳәт кеңесиниң усынысына бола, «Жыл изертлеўшиси» сыйлығы да тапсырылады. Бүгинги илажда еки илимпаз сыйлықланды. Итибарлы тәрепи сонда, Өзбекстан ўәкиллери де усындай сыйлыққа ылайық көрилген.

2022-жылы Египетте Мисрде өткерилген «VII Дүнья пахта изертлеў конференциясы» (WCRC-7) жуўмағында гезектеги әнжуманды  2024-жылы елимизде өткериў басламасы алға қойылып, жетик сырт елли илимпазлар тәрепинен бир аўыздан қоллап-қуўатланғанын атап өтиў зәрүр.

VIII конференция (WCRC-8) бағдарламасына муўапық, тараўдың белгили илимпаз ҳәм эспертлериниң пахтаны жетистириў ҳәм қайта ислеў, тоқымашылық бағдарлары бойынша баянатлары тыңланады, сөйлесиўлер шөлкемлестириледи.

Белгили бир мәмлекетлерде пахташылық ҳәм тоқымашылық санааты бойынша ерисилип атырған  соңғы жетискенликлер менен таныстырылады, өз-ара тәжирийбе алмасылады. Глобал климат өзгериўиниң ғаўаша жетистириўге унамсыз тәсирине байланыслы регионаллық мәселелер додаланып, машқаланың шешими бойынша анық усыныслар ортаға тасланады, усыныслар ислеп шығылады.

Сондай-ақ,  арнаўлы изертлеўлер жәрдеминде дүнья көлеминде ерисилген соңғы жетискенликлер, тараўға енгизилип атырған алдынғы технологиялар халықаралық жәмийетшилик итибарына усынылады.

Усы илажларда қатнасыў ушын 430 дан аслам сырт елли, 200 ге шамалас жергиликли илимпаз, сондай-ақ, 177 пахта-тоқымашылық кластери ҳәм кәрханасының ўәкили жыйналған.

– Тийкарғы  итибарды тараўдың раўажланыўы жолындағы әҳмийетли мәселе – климат өзгериўи менен байланыслы машқалаларды сапластырыўға қаратпақтамыз, – деди Халықаралық пахта бойынша мәсләҳәт комитети үлкен илимий хызметкери Кешав Кранти. – Тараўда дүнья бойлап оғада көп жумыс исленбекте.  Өзбекстан пахташылық тараўында жетекши екенин айрықша атап өтиў зәрүр. Бул әмелиятты өзлестириў ҳәм дүнья көлеминде усыныс етиў зәрүр. Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет  те усы болып есапланады.

Конференция шеңберинде климат өзгериўи, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, зыян келтириўшилерге қарсы гүресиў сыяқлы әҳмийетли темалар бойынша улыўма сөйлесиў арқалы экспертлердиң жәрдеминде жергиликли шараятқа сәйкес шешимлер ислеп шығылады. Сондай-ақ, пахтаны  тазалаў ҳәм тоқымашылық өнимлерин қайта ислеў тараўындағы инновациялар менен таныстырылады.

Улыўма, бул әнжуман пахта сиясатын жетилистириў, халықаралық стандартты қабыл етиў, тармақ ҳаққында хабардарлықты арттырыў, шийки зат ҳәм таяр тоқымашылық өнимлери ушын жаңа базарларға жол ашыўға хызмет етеди.

Гўзал САТТАРОВА,

ӨзАның хабаршысы