Нөкис қаласында дестинацияда туризмди раўажландырыў бойынша Өзбекстандағы биринши шөлкемDMO Karakalpakstan” рәсмий офисиниң ашылыў мәресими болып өтти.

Илажда сырт елли мийманлар, туризм тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлер қатнасты.

Германия Экономикалык бирге ислесиў ҳәм раўажландырыў федерал министрлигиниң Шығыс ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиў бойынша референти Каролина Пробст, Германия Федеративлик Республикасы елшиханасынын тураклы ўәкили Михаиль Виммер, Германия халық аралық бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ) аймақлық ўәкили Йоахим Фриц, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Р.Зарикеев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде, соның ишинде республикамызда туризмди раўажланджырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға, соның ишинде, ашылып атырған “DMO Karakalpakstan” расмий офисиниң әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде туризмди раўажландырыўға байланыслы Президентимиз тәрепинен әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, оларда белгилеп берилген жеңилликлер нәтийжесинде Қарақалпақстанға келиўши туристлердиң саны жыл сайын артып бармақта.

Мағлыўмат ушын: “DMO Karakalpakstan” – мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем болып, оның тийкарғы мақсети – Қарақалпақстан Республикасында туризм тараўын раўажландырыў, мәдений мийрасты сақлаў ҳәм жергиликли халықтың турмыс шараятын жақсылаўдан ибарат.

Қарақалпақстан хабар агентлиги