Франциялы инсайдер Муҳаммад Тучабе-Тер Париждиң ПСЖ клубы өзбекстанлы қорғаўшы Абдуқодир Ҳусановқа қызығыўшылық билдирип атырғанын  мәлим етти. Бул ҳаққында ол өзиниң Х бетинде жазды.

«ПСЖ бразилиялы қорғаўшы Маркиносқа орынбасар излемекте ҳәм 20 жастағы Ҳусанов бул позиция ушын мүнәсип талабан», дейди ол.

Сондай-ақ, «Foot01» сайты өзбекстанлы футболшыны тән алған ҳәм тез арада оны Европаның топ-клубларында, атап айтқанда, ПСЖда көриўимиз мүмкинлигин атап өткен.

«Абдуқодир Ҳусанов мәўсимди жақсы баслады ҳәм оны тез арада Европаның топ-клубларында көриўимиз мүмкин, мәселен ПСЖда. Команданың тийкарғы қорғаўшысы Кевин Дансоның жарақат алғанына қарамай, «Ланс» қорғаны турақлылық көрсетпекте. Команда Франция чемпионатында 6 ойында 2 гол өткерди. Ҳусанов қорғаўда әжайып ойынлар көрсетпекте», делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги