Президент Шавкат Мирзиёев 30-сентябрь күни Абдулла Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институтына барып, жаңаланған шараятлар менен танысты, Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды ҳәм тараў ўәкиллери менен билимлендириўде әмелге асырылып атырған жумыслар, келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша сөйлесиў өткерди.
Ҳәр бир раўажланған мәмлекет сыяқлы Өзбекстан да өзиниң раўажланыўын билимлендириўге тийкарланып қурмақта. Бул тараўда терең реформалар, үлкен-үлкен бағдарламалар әмелге асырылмақта. Онда ең әҳмийетли буўын, жаслар сиясатының тырнағы – басланғыш ҳәм улыўма билимлендириў.
Елимизде 37 мыңнан аслам балалар бақшасы, 10 мыңнан артық мектеп бар. Орынларда және жаңалары қурылмақта. Бирақ бул мақсеттиң бир бөлеги. Ең тийкарғы мәселе – билимлендириўдиң сапасы.
Соның ушын педагог ҳәм қәнигелердиң маманлығы турақлы арттырылып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 21-июньда қабыл етилген мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыўға байланыслы қарары бул системаны жаңа басқышқа көтерди.
Соның менен бирге, бул тараўдағы институт А.Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институтына айландырылды. Комплекс капитал оңланып, еки қосымша имарат қурылды, барлығы заманагөй үскенеленди. Тыңлаўшылар орны да, бағдарлар да көбейди. Ең әҳмийетлиси, тәжирийбе системасы мазмуны жағынан байыды.
Институт буннан 90 жыл алдын, 1934-жылы ашылған. Соған бағышлап, бул жерде музей шөлкемлестирилген. Онда жадид бабаларымыздың илимге итибары, Абдулла Авлоний тийкар салған билимлендириў системасы, сол дәўирдеги сабақлықлар ҳәм сахна шығармалары, улыўма билимлендириўдиң раўажланыў басқышлары сәўлеленген. Жасалма интеллект жәрдеминде ағартыўшы жадидлер көриниси сәўлелендирилген. Бул жерде дерлик 88 мың китап фондына ийе китапхана да бар. Мәмлекетимиз басшысы усы музей ҳәм китапхананы көзден өткерди.
Мәкемеде маманлық арттырыў ҳәм қайта таярлаўдың дәстүрий, альтернатив ҳәм дуал түрлери, соның ишинде, жасалма интеллект технологиялары тийкарында оқытыў енгизилген. Ситуациялық оқыў ханасы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы педагогикалық шеберлик орайлары менен видеобайланыс арқалы жалғанған. Үзликсиз кәсиплик билимлендириў, менеджерлик оқыў курслары, педагогларды аттестациядан өткериў ҳәм маманлық категориясын бериў, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўин басқарыў сыяқлы бағдарламалық платформалар енгизилген. Бул аймақлардағы директор ҳәм муғаллимлерди жаңа педагогикалық технология ҳәм усылларға оператив оқытыў имканиятын береди.
Ҳәзирги күнде мектеп директоры тек ғана тәжирийбели педагог емес, ал жақсы басқарыўшы, белгили мәниде стратег те болыўы керек. Институт оқыў бағдарламасында оған үлкен итибар қаратылып, директорлар мектеби шөлкемлестирилген.
Инклюзив билимлендириў ҳәм психолог ханаларында бул бағдарда ислейтуғын дефектолог ҳәм тәрбияшылардың маманлығы арттырылады. Медиа студияда видеосабақлар сүўретке алынады. Сондай-ақ, институтта конференция залы, компьютер ҳәм семинар ханалары, асхана ҳәм шараятлар бар.
Бизге белгили, бүгин мәмлекетимизде анық ҳәм тәбийғый пәнлерге айрықша әҳмийет қаратылып, мектеплер заманагөй үскене ҳәм оқыў қолланбалары менен тәмийинленбекте. Бул муғаллимлерден соған бейимлесиўди, жаңа билим ҳәм көнликпелерди өзлестириўди талап етеди. «STEM» лабораториясы педагогларды усы бағдарда қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға хызмет етеди.
Заманагөй билимлендириў талабынан келип шығып, институтта оқыў саатлары көбейтилди. Оқыўшыларға мүнәсип шараят жаратыў мақсетинде жатақхана заманагөй оңланып, орынлар саны арттырылды.
Президентимиз бул ханаларда болып, жаңа қолайлық ҳәм имканиятлар менен танысты.
– Бул институт күтип турыўшы емес, үгит-нәсиятлаўшы, жетекши болыўы керек. Аймақлардағы муғаллим ҳәм директорларды көбирек мирәт етип, барлық мектеплерде сапаны арттырыў зәрүр. Жаңа заман адамы, келешегимиз дөретиўшилери мектепте тәрбияланады. Билимлендириўсиз келешек жоқ,–деди Шавкат Мирзиёев.
Бул жерде сабақ беретуғын оқытыўшы ҳәм устазларды сырт елде оқытыў, дүньядағы алдыңғы тәжирийбелерди үйлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Усы жылдың өткен дәўиринде институтта 4 мың 300 ге шамалас билимлендириў мәкемелериниң басшылары тәжирийбе арттырды. Сондай-ақ, 2 мыңға шамалас директор ҳәм директорлыққа талабанлар менеджерлик курсларында оқытылды. «Үзликсиз кәсиплик билимлендириў» платформасы арқалы сабақларда 113 мыңнан артық педагоглар қатнасты.
Сингапур халықаралық билимлендириў шөлкеми тәрепинен 100 мектеп директоры, 200 математика ҳәм тәбийғый пәнлер оқытыўшысы қайта таярланды. Институт структурасында Халықаралық изертлеўлер орайы да жумыс баслады.
Улыўма, мәмлекетимизде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлериниң басшы, педагог ҳәм қәниге кадрларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың үзликсиз системасы жолға қойылады. 2025-жылдан баслап олар бес жылда бир мәрте жумыстан ажыралған ҳалда тәжирийбе арттырады. Буннан тысқары, улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде «Кәсиплик раўажланыў сааты» ҳәм «Кәсиплик раўажланыў күни» енгизиледи. Президент мектеплеринде топланған алдыңғы тәжирийбелер үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасы арқалы улыўма орта билимлендириў мәкемелерине кеңнен енгизиледи.
Буннан соң 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен салтанатлы мәресим болып өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында барлық тәлим-тәрбия хызметкерлерин байрам менен қызғын қутлықлап, халқымыздың терең ҳүрмет-иззетин жеткерди.
– Биз устазды әкедей уллы деп билген, оны ҳәмийше басына көтерип қәдирлеген уллы, ағартыўшы халықтың ўәкиллеримиз. Тарийхымыздағы қайсы белгили ата-бабамызды алмайық, олардың барлығы устазларға жоқары ҳүрмет пенен қарағанының гүўасы боламыз. Устазды, муғаллимди ҳүрметлеген жәмийет әлбетте раўажланады, гүллеп-жаснайды. Оқытыўшысының қәдири бәлент болған халықтың абырай-мәртебеси жоқары болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Турмыста ҳәр бир жақсылық, ҳәр бир ойлап табылыў ҳәм жетискенликтиң тийкарында муғаллимниң мийнети, шыдамы ҳәм меҳир-муҳаббаты жәмленгени атап өтилди.
– Билимлендириў – тараўлар ишинде ең глобалы, мектеп – ең әҳмийетлиси болса, муғаллимшилик кәсиплер арасында ең уллысы болып есапланады. Жеке өзим муғаллим дегенде, өзим ушын әзиз ҳәм қәдирли болған инсанларды жүз-көзинен нур жаўылып туратуғын уллы адамларды көз алдыма келтиремен. Олар заманымыздың ең алдыңғы адамлары, жанкүйер ўатансүйийўши, халықшыл инсанлар болып есапланады. Сол себепли халқымыз өзиниң ең үлкен байлығын – перзентлери тәрбиясын муғаллимлерге исенип тапсырады,-деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Устазлардың данышпанлығы, турмыс мәнисин терең түсинип, адамларды жақсылыққа ҳәм табысларға руўхландыратуғыны атап өтилди.
– Инсанның санасы, көзқарасы өзгермесе, жәмийет өзгермейди. Жәмийет өзгермесе, раўажланыў да болмайды. Адамлардың ақыл-ойын, сол тийкарда пүткил жәмийетти ким өзгерте алады! Жаңа берунийлерди, хорезмий ҳәм ферғанийлерди ким камалға келтиреди! Бундай уллы ўазыйпаны түпкиликли мәнидеги тарийхый миссияны орынлаўға тек ғана сиз – муғаллим ҳәм устазлар уқыплысыз,-деди Президент.
Бүгин елимиз ул-қызлары халықаралық пән олимпиадаларында, спорт майданларында үлкен шеклерди қолға киргизип атырғаны еске алынды. Бул жеңислер бәринен бурын устаз-тәрбияшылардың пидайы мийнетиниң нәтийжеси екени тән алынды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 27-сентябрьдеги пәрманына муўапық, тәлим-тәрбия системасында қосқан мүнәсип үлеси, саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириўдеги ибратлы жумысы ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.
Мәресимде мине, усы сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.
– Өз мийнети менен қәдирлениў, ел-халықтың ардағында болыў ҳақыйқый бахыт. Бул, әсиресе, муғаллим ҳәм устазларға жарасады. Қәдириңиз де, қәддиңиз де бәрқулла бәлент болсын, әзиз устазлар,-деди Шавкат Мирзиёев.
Сыйлықланғанлардың атынан шығып сөйлегенлер билимлендириў тараўы ҳәм муғаллимлерге итибары, азғана хызметлерин жоқары баҳалағаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Соң Президент Шавкат Мирзиёев муғаллим ҳәм устазлар менен сөйлести.
Мәмлекетимизде барлық тараў ҳәм тармақларда үлкен мақсетлер белгиленген. Оларды әмелге асырыў ҳәм раўажланыўды даўам еттириў жас әўладтың билим ҳәм ақыл-ойына, тәрбиясына, ўатансүйиўшилигине байланыслы.
Оның ушын оқытыўшылар ҳуқықый, социаллық ҳәм қаржы жағынан қорғалған ҳәм жетерли тәмийинленген болыўы керек. Соның ушын жаңаланған Конституциямызда оқытыўшы статусы айрықша беккемлеп қойылды. Быйыл «Педагогтың статусы ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.
Мәмлекетимиздиң байлығы, биринши гезекте, жас әўлад тәрбиясына жумсалмақта. Соңғы 7 жылда билимлендириўди раўажландырыўға жәми 216 триллион сум қаржы қаратылды. Материаллық-техникалық базаны беккемлеў ушын бюджеттен 19,5 триллион сум жумсалып, 6 мың мәмлекетлик мектеп ҳәм 3,5 мың бақша реконструкцияланды ҳәм жаңадан қурылды. Мектеплерде 800 мың, бақшаларда 535 мың қосымша орын жаратылды.
Жеке меншик билимлендириўге кең имканиятлар жаратылып атырғаны себепли жеке меншик мектеплер саны 27 ден 500 ге жетти, мәмлекетлик емес бақшалар 250 ден 30 мыңға көбейди.
Муғаллимлерге шеберлиги ҳәм ерискен жетискенликлерине қарап төленетуғын үстемелер саны 3 еўден 17 ге арттырылды. Өз үстинде шын кеўилден ислеген, сырт ел сертификатын алған 6 мың муғаллим 10 миллион сумнан артық мийнет ҳақы алмақта.
14 Президент мектеби, 9 дөретиўшилик мектебиниң жумысы жолға қойылды. Олардың бағдарламалары тийкарында тәбийғый ҳәм анық пәнлер бойынша заманагөй сабақлықлар жаратылмақта. Президент мектеплериндеги баҳалаў системасы ҳәзир 500 улыўма билимлендириў мектебинде қолланылмақта. Баҳалаўды нәтийжели жолға қойған 66 мектеп жәмәәтине 40 процентке шекем үстеме төленбекте.
Мәмлекетимизде қәбилетли жасларды селекция жолы менен таңлап алыў бойынша бурын болмаған жаңа система жолға қойылды. Нәтийжеде быйылғы жылдың өзинде халықаралық пән олимпиадаларында оқыўшыларымыз 122 медальды қолға киргизди.
Мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси соңғы 7 жылда 4 есеге артты. Быйыл 310 мың жаслар студент болды. Олардың дерлик ярымы қызлар болып есапланады.
Сөйлесиўде мәмлекетимиз басшысы билимлендириўдиң сапасы мәселесине айрықша тоқтап өтти.
Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде 46 мың, жеке меншик шөлкемлерде болса 38 мың педагог 5 жыл даўамында тәжирийбе арттырмағаны атап өтилди. Быйыл жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар жәрдеминде өткерилген аттестация процесслеринде 21 мың педагог маманлық бойынша жетерли балл топлай алмаған. Тилекке қарсы, бундай жағдайлар оқыўшылардың билимине унамсыз тәсир етпекте.
Соның ушын билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа көтериў бойынша 7 бағдарда ўазыйпалар белгиленди.
Биринши бағдар. Абдулла Авлоний атындағы институт педагогларда кәсиплик шеберлигин арттырыўға жуўапкер болады. Институттың 12 аймақлық орайын заманагөй көриниске келтириў ҳәм үскенелеў ушын жақын 3 жылда бюджеттен ҳәр жылы 50 миллиарда сум ажыратылады. Маманлық арттырыўда министрлик-тәжирийбе арттырыў орайы-мектеп ҳәм бақшаны байланыстыратуғын вертикал система жолға қойылады.
Буннан тысқары, орынларда 1 мың 300 таяныш мектеп ҳәм 200 бақша таңлап алынып, жас педагоглар ушын «Кәсиплик раўажланыў күни» ҳәм «Кәсиплик раўажланыў сааты» шөлкемлестириледи. Оның ушын жетекши муғаллимлердиң мийнет ҳақысына 20 процент үстеме қосылады.
Екинши бағдар. Муғаллимлерди қоллап-қуўатлаў, олардың мийнетин хошаметлеў даўам даўам еттириледи. Ендиги оқыў жылынан халықаралық стандартлар тийкарында маманлық сертификатын бериў жолға қойылады. Сынақларда 86 ҳәм оннан жоқары балл алған педагоглар қосымша 70 процент үстеме алады.
Мәмлекетимиз басшысы «Жыл оқытыўшысы» таңлаўы өткерилип, 208 район ҳәм қаладан жеңимпаз болған оқытыўшыларға саўға сыпатында турақ жай берилиўин жәриялады.
Сондай-ақ, ҳәр жылы санаторий ҳәм дем алыў орынларына жиберилетуғын оқытыўшылар саны 2 есеге арттырылады.
Быр жыл алдын мектеп директорларын оқытыў системасы енгизилген еди. Ҳәзирги күнде олардан 1 мың 206 сы менеджерлик сертификатына ийе болды. Ҳәзир әне, сол директорларға орташа 3 миллион сум үстеме берилмекте.
Енди бул әмелият 2025-жыл 1-сентябрьден бақша баслықларына да қолланылады ҳәм оларға ҳәр айда 30 процентке шекемги қосымша үстеме төленеди.
Билимли ҳәм жанкүйер оқытыўшылар халықтың бийбаҳа байлығы екени атап өтилип, олар ҳаққында «Устазға ҳүрмет» атамасында китап ҳәм фильмлер жаратыў зәрүр екенлиги айтылды.
Үшинши бағдар. Халықтың өсиўи себепли жылына мектеплерде 120 мың, бақшаларда 30 мың қосымша орынға талап пайда болмақта.
Ендиги жылы бюджеттен ажыратылатуғын 3 триллион 200 миллиард сум есабынан 375 мектеп ҳәм 97 бақша реконструкцияланады ҳәм жаңалары қурылады.
Буннан тысқары, Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК қорының 50 миллион доллар қаржысы шеңберинде келеси 4 жылда 200 жеке меншик бақша қурылып, жаңа 30 мың орын жаратылады.
Жаңа жылдан баслап, жеке меншик секторда оқыўшы орынларын көбейтиў ушын мектеп ашатуғын исбилерменлерге 20 миллиард сумға шекем кредит ажыратылады. Кредит процентиниң тийкарғы ставкадан 1,5 есеге артқан бөлеги бюджеттен қапланады.
Сондай-ақ, жаңадан қурылатуғын жеке меншик мектеп имаратлары ушын коммуналлық қәрежетлердиң 50 проценти 5 жыл мүддетке шекем бюджеттен төлеп бериледи.
Соның менен бирге, исбилерменлер өз есабынан мектеп қурса, оған кеткен қәрежетлер пайда салығынан еки жыл даўамында тең үлеслерде шегирип тасланады.
Төртинши бағдар. Билимлендириўде сапа ҳәм бәсекини тәмийинлеў ушын санластырыў дәрежеси арттырылады.
Өткен 5 жылда 13 мың 500 ден аслам компьютер класс ханалары 200 мың заманагөй компьютер менен тәмийинленди. Келеси жыл және 2 мыңнан аслам компьютер класслары жаңаланады, оған бюджеттен 400 миллиард сум бериледи.
Әне, сол компьютерлерге электрон билимлендириў контентлери жүкленип, балалар ушын еркин билим алыў имканияты артады. Оқыўшылар қурамалы концепцияларды аңсат өзлестириўи ушын анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша виртуал лабораториялар шөлкемлестириледи. Жаңа оқыў жылынан баслап бундай лабораториялар ҳәр бир ўәлаятта 10 нан мектеп етиледи.
Сондай-ақ, мектеп системасында муғаллим өз имканияты ҳәм жетискенликлерин, жаңа қолланбаларын жәриялаўы ушын бирден-бир онлайн платформа жаратылады.
Сингапурлы 16 эксперт математика ҳәм тәбийғый пәнлер оқытыўшыларының кәсиплик шеберлигин арттырады. Педагоглар жасалма интеллектке тийкарланған билимлендириў платформасында билимлерин бир жыл даўамында турақлы сынақтан өткереди.
Жеке меншик бақшалардағыдай, 6 мың 800 мәмлекетлик бақшаларда да қатнас, төлемлер, азық-аўқат қәрежетлерин қәлиплестириў толық санластырылады.
Бесинши бағдар. Президент мектеплери ҳәм қәнигелескен мектеплер тәжирийбеси ғалаба ен жайдырылады.
Бул бағдарда және 1 мың улыўма билимлендириў мәкемесинде Президент мектеплери ҳәм қәнигелескен мектеплердеги баҳалаў системасын енгизиў басланды. Ҳәкимликлерге оларды оңлаў ҳәм зәрүр дәрежеде үскенелеў бойынша көрсетпелер берилди.
Мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы, жоқары билимлендириў ҳәм тәжирийбе арттырыў системасында бирден-бир үзликсиз шынжырды жолға қойыў ушын педагогикалық билимлендириў кластерлери шөлкемлестириледи. Бул тәжирийбе-сынақ түринде дәслеп Әндижан ҳәм Бухара қалаларында жаратылады.
Алтыншы бағдар. Қәбилетли жасларды селекциялаў системасы жаңа басқышқа алып шығылады. Оның ушын халықаралық дәрежеде пән олимпиадаларына таярлаў орайы шөлкемлестириледи.
Хошаметленетуғын халықаралық пән олимпиадаларының саны 18 ден 22 ге жеткериледи. Онда абырайлы халықаралық олимпиадада алтын медаль алған оқыўшыға 170 миллион сум, гүмис медальға 102 миллион сум, бронза медальға 68 миллион сум сыйлық пулы бериледи.
Соның менен бирге, мине, усы оқыўшылардың муғаллимлери 50 миллионнан 150 миллион сумға шекем сыйлықланып, оларға бир жылда 100 процентлик үстеме алыў имканияты жаратылады. Биринши мәрте халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз болған оқыўшылар жәмәәтиниң басшыларын да хошаметлеў системасы жолға қойылады.
Президент педагогика бағдарында оқып атырған қәбилетли студентлер ушын Абдулла Авлоний атындағы стипендияны шөлкемлестириў басламасын билдирди.
Жетинши бағдарда билимлендириўдиң ажыралмас бөлеги болған тәрбия ҳәм әдеп-икрамлылық мәселелерине итибар қаратылды. Усы мақсетте Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты жаңадан шөлкемлестирилди.
Жасларда идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў, ата-аналар, муғаллимлер ҳәм оқыўшылар ушын тәрбияға байланыслы санлы контентлер жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, бул бағдарда театр ҳәм кино көркем өнеринен пайдаланыў, жаслардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў, денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, китапқумарлықты және де кеңейтиў ўазыйпалары көрсетип өтилди.
Ушырасыў ашық сөйлесиў түринде даўам етти. Бул жерге жыйналған ҳәм аймақлар арқалы байланысқан педагоглар пикир-усынысларын айтты. Президентимиз оларды қоллап-қуўатлап, усынысларын әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары