Өзбекстан Президентиниң тийисли пәрманы менен, Комил Исмоилович Алламжонов Президент админстрациясы Мәлимлеме сиясаты департаментиниң баслығы лаўазымынан босатылды. Бул ҳаққында Президент мәлимлеме хызмети баслығы Шерзод Асадов хабар берди.

«Комил Алламжонов елимизде сөз еркинлигин раўажландырыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысының ашықлығын тәмийинлеў ҳәм халық билимлендириўи системасын жеделлестириў бойынша Президентимиз Ш.М. Мирзиёев белгилеп берген әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда үлкен нәтийжелерге еристи.

Комил Исмоилович пенен жақыннан ислескен көп санлы кәсиплеслеримиз қатарында оның дөретиўшилик шеберлигин жоқары баҳалап, келешектеги жумысында үлкен абырай ҳәм табыслар тилеп қаламан», делинген хабарда.

Комил Алламжонов 1984-жылы Ташкент қаласында туўылған. 2006-жылы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтын, 2010-жылы Ташкент мәмлекетлик экономика университетин тамамлаған.

Ол 2023-жылдың августынан берли Президент администрациясы Мәлимлеме сиясаты департаменти басшысы лаўазымында ислеп киятырған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги