1-октябр – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлери арасында «Дослық» каналы бойында спорттың жеңил атлетика түринен марафон шөлкемлестирилди.

Онда қатнасыўшылар жас категориялары бойынша белгиленген аралыққа жуўырып, өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай өткен жарыс соңында жеңимпазлар Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан

Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм филиал ҳәкимшилиги, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Сыйлықлаў мәресими Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы