Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында Министрлер Кабинетиниң «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўындағы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының жойбары додалаўға қойылды, деп жазады Sof.uz.

Қарар жойбарына муўапық, 2019-жылдың 1-июлына шекем физикалық ҳәм юридикалық шахслардың автотранспорт қуралларына орнатылған видеорегистраторлардан жүз берген ҳуқықбузарлықлар ҳалатлары ҳаққындағы видеожазыўларды топлайтуғын веб-портал иске қосылады.

Сондай-ақ, 2019-жыл 1-июльдан мүлкшилик формасына қарамастан жәмийетлик транспорт ҳәм жолаўшы тасыўшы транспорт қураллары ушын видеорегистраторлар орнатыў бойынша мәжбүрий тәртип енгизиледи.

Ҳуқықбузарлықлар көрсетилген видеожазыўларды жиберген пуқаралар ҳуқықбузардан өндирилген жәрийма есабынан ең кем мийнет ҳақының бес проценти муғдарында хошаметленеди.

Видеорегистраторлар арқалы жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылғанлығы көрсетилген видеожазыўларды жиберген пуқаралардың жеке мағлыўматларының әшкар етилиўине жол қойылмайды.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер ҳәм Қаржы министрликлери тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың автотранспорт қуралларына орнатылған видеорегистраторлардан жүз берген ҳуқықбузарлықлардың ҳалатлары ҳаққындағы видеожазыўларды топлайтуғын веб-портал жумысын жолға қойыў ушын зәрүрли техникалық қуралларды сатып алыў ушын қаржы ажыратыў режелестирилген.

Ҳүжжет жойбары 2018-жылдың 3-августына шекем додаланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.