Усы жылдың 28-август ҳәм 8-сентябрь күнлери Франция пайтахты Париж қаласында жазғы Паралимпия ойынлары болып өтеди. Онда мәмлекетимиздиң 65 спортшысы 9 спорт түри—пара жеңил атлетика, пара таэквандо, пара оқ атыў, пара жүзиў, пара каноэ, пара академиялық  ескек есиў, пара дзюдо, пара паэрлифтинг ҳәм пара велоспорт бағдарларындағы 113 сыйлықлы орынлар ушын гүрес алып барады.

Төрт жыллықтың ең абырайлы жарысларынан бири болған усы спорт илажында мүнәсип  қатнасыў ушын түрли паралимпияшыларымыз соңғы таярлық басқышын өткермекте.

Хабарыңыз бар «Париж-2024» паралимпия ойынларының пара жеңил атлетика жарыслары 30-август күнинен 7-сентябрьге шекем, пара жүзиў жарыслары болса 29-августтан, 7-сентябрь күнинен шекем болып өтеди.

Усы жарысларға ең көп лицензияны қолға киргизген пара жеңил атлетика ҳәм пара жүзиў бойынша миллий  сайланды команда ағзалары усы күнлерде Францияда соңғы адаптивлик шынығыўларды алып бармақта.

Сайланды топар тренерлери ҳәм пара спортшылар климатқа бейимлесип алыўы ушын арнаўлы бағдарлама тийкарында таярлықты даўам  етти. Ең әҳмийетлиси, мәмлекетимиз Миллий паралимпия комитети тәрепинен оларға барлық шараятлар жоқары дәрежеде жаратып берилген.

Жавоҳир  Тошхўжаев, ӨзА