Ўзбекистон Республикаси Президенти Қозоғистон Республикаси мудофаа вазирини қабул қилди

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-август күни елимизде рәсмий сапар менен болып турған Қазақстан Республикасы қорғаныў министри Сакен Жасузақовты қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, еллеримиз арасында нәтийжели бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Турақлылыққа ийе жоқары дәрежедеги байланыслар себепли барлық бағдарларда өз-ара бирге ислесиў жеделлесип атырғаны атап өтилди.

Товар алмасыў көлеми турақлы өсип бармақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында ири қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта, автомобиль, темир жол ҳәм авиация қатнаўы саласында әмелий бирге ислесиў сезилерли дәрежеде кеңейип, регионлар арасында шериклик беккемленбекте, Өзбекистанда ҳәм Қазақстанда мәдений-гуманитар илажлар өткерилмекте.

rasmiy_5814.jpg

Әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли және перспективалы бағдары сыпатында белгиленген. Атап айтқанда, сәўбетлесиў ўақтында еллеримиздиң қорғаныў мәкемелери арасында, соның ишинде, санаат кооперациясы ҳәм әскерий кадрлар таярлаў саласында нәтийжели бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.

С. Жасузақов Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Мийман әскерий ҳәм әскерий-техникалық салада еллеримиздиң өз-ара бирге ислесиўин буннан былай да күшейтиўге Қазақстан таяр ҳәм оннан мәпдар екенин атап өтти.

ӨзА