Республикамызда бириншилерден болып Нөкис районында быйылғы жылдың ғәлле орым-жыйын жумыслары шөлкемлескенлик пенен басланды.

Усы мүнәсибет пенен райондағы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Есенгелди Хожамуратов басқарған «Хожамурат Ақманғыт» фермер хожалығында көргизбели семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, орым-жыйын жумысларында алда турған жуўапкерли ўазыйпаларға тоқтап өтти ҳәм ғәллекешлеримизге бәлент қырман тиледи.

Өткен жылы районда 401 фермер хожалығы тәрепинен 5800 гектар жерге ғәлле егилген еди. Ҳаўа райының қолайсыз келиўине қарамастан, агротехникалық қәделерге сай тәрбия берилиўиниң нәтийжесинде бүгинги күни дийдиленген өним алыўға ерисилди.

-Дийқанларымыздың пидәкерлик мийнетлери нәтийжесинде жетистирилген ғәллени қысқа мүддетте сепситпей жыйнап алыўдың барлық илажлары көрилди,-дейди район ҳәкиминиң орынбасары Ислам Бекжанов.-Бул бойынша 9 отряд шөлкемлестирилип, оларға 15 комбайн бириктирилди. Орым-жыйын жумысларына қатнасып атырғанларға барлық шараятлар жаратылып берилмекте.

Ғәлле орым-жыйыны жумысларының басланыўына бағышланған усындай көргизбели семинар республикамыздың басқа районларында да болып өтти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.