Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районында еки жыл бурын район мәмлекетлик архиви ведомствосына ажыратылған қараўсыз жатырған имарат қысқа мүддет ишинде заманагөй көринисте оңланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Әмиўдәрья районлық мәмлекетлик архиви жумыс баслаған жаңа имаратта барлық зәрүр шараятлар жаратылған.

 

– Районлық мәмлекетлик архиви ушын ажыратылған имарат 466 миллион сум бюджет қаржысы және 104 миллион сум мәкемениң өз қаржысы есабынан оңланып, реконструкцияланды,-дейди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Өзархив» агентлигиниң бас директоры У.Алимов. – Имаратта архив қорын сақлаў ҳәм пуқараларға сапалы хызмет көрсетиў ушын барлық шараятлар бар. Ең әҳмийетлиси, бул имарат өзиниң заманагөй көриниси менен Маңғыт қаласының көркине көрик болып қосылды.

Имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйледи.

Есимхан ҚАНААТОВ,

ӨзАның хабаршысы.