Нөкис қаласындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасындағы социаллық-психологиялық хызмет ҳәм кәсип-өнерге бағдарлаўда инновациялық қатнас» атамасында республикалық психологлар форумы өткерилди.

Илажға жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, республикамыздың қала ҳәм районларындағы улыўма билим бериў мектеплериниң әмелиятшы ҳәм инспектор-психологлары қатнасты.

Форумда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары А.Даулетбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бул форумның мақсети ҳәм әҳмийетине тоқтап өтип,  психологларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жумысларының әҳмийетин арттырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыўына имканият жаратыў екенлигин атап өтти.

Форумда қатнасқан мийманлар, психологлар, педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының қәнигелери ҳәм жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары баянат жасады.

Президентимиздиң қарары менен 2021-жылдың 2-апрель күни ҳәр бир мектепте инспектор-психолог лаўазымы енгизилген еди. Олар жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықлардың алдын алыў бойынша мектеп жәмәәти ҳәм әмелиятшы психологлар менен жумыс алып барады.

Форумда әмелиятшы ҳәм инспектор-психологлардың алып барып атырған, сондай-ақ, алдағы ўақытлары әмелге асырыўы тийис болған жумыслары туўралы мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж даўамында белсенди психологлар сыйлықланды.

Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.