Нөкис қаласындағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасындағы социаллық-психологиялық хызмет ҳәм кәсип-өнерге бағдарлаўда инновациялық қатнас» атамасында республикалық психологлар форумы өткерилди.
Илажға жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, республикамыздың қала ҳәм районларындағы улыўма билим бериў мектеплериниң әмелиятшы ҳәм инспектор-психологлары қатнасты.
Форумда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары А.Даулетбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бул форумның мақсети ҳәм әҳмийетине тоқтап өтип, психологларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жумысларының әҳмийетин арттырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыўына имканият жаратыў екенлигин атап өтти.
Форумда қатнасқан мийманлар, психологлар, педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының қәнигелери ҳәм жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары баянат жасады.
Президентимиздиң қарары менен 2021-жылдың 2-апрель күни ҳәр бир мектепте инспектор-психолог лаўазымы енгизилген еди. Олар жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықлардың алдын алыў бойынша мектеп жәмәәти ҳәм әмелиятшы психологлар менен жумыс алып барады.
Форумда әмелиятшы ҳәм инспектор-психологлардың алып барып атырған, сондай-ақ, алдағы ўақытлары әмелге асырыўы тийис болған жумыслары туўралы мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Илаж даўамында белсенди психологлар сыйлықланды.
Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.