Нөкис районы аймағындағы “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”нде турған пуқараларды социаллық қорғаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Район секторлары басшыларының қатнасында болып өткен гезектеги илажда пуқараларға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды. Атап айтқанда район аймағына бекитилген ҳәким жәрдемшилериниң усынысы менен “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”нде турған жумыссыз пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде оларға 20 дана тигиў машинасы, 18 дана оверло машинасы ҳәм 1 дана компютер берилди.
Гүлайым МАКСЕТОВА,
ҚМУ Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги