Нөкис районы аймағындағыҲаял-қызлар дәптериҳәмЖаслар дәптеринде турған пуқараларды социаллық қорғаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Район секторлары  басшыларының қатнасында болып өткен гезектеги илажда пуқараларға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды. Атап айтқанда район аймағына бекитилген ҳәким жәрдемшилериниң усынысы менен “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”нде турған жумыссыз пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде оларға 20 дана тигиў машинасы, 18 дана оверло машинасы ҳәм  1 дана компютер  берилди.

Гүлайым МАКСЕТОВА,

ҚМУ Мәлимлеме хызмети ҳәм

жәмийетшилик  пенен байланыслар тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги