2034-жылы футбол бойынша өткерилетуғын жәҳән чемпионатын өткериў ушын Азия футбол конфедерациясының төрт мәмлекети — Индонезия, Австралия, Малайзия ҳәм Сингапур биргеликте өзиниң талабанлығын усыныс етиўге таярлығын билдирди.
«Ҳәзир Австралия менен сөйлесиўлер жүргизип атырмыз», — дейди Индозения футбол ассоциациясы басшысы Эрик Тахир.
— Малайзия ҳәм Сингапурға сапар еткенимде, еки мәмлекет те бул усынысқа қосылатуғынлығын билдирди.
Буннан алдын Саудия Арабстаны 2034-жылғы мундиалды өзинде өткериў бойынша басламаны ортаға таслаған еди. ФИФА Австралияға өзиниң талабанлығын қойыў яки қоймаўлығы бойынша ақырғы жуўабын бериўге 30-октябрьге шекем мүддет белгиледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы