Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Корея Эксимбанкиниң EDCF фонды, Sookmyung ҳаял-қызлар университети, «Hyundai» илимий изертлеў институты ўәкиллери менен ушырасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасында ҳаял-қызларды исбилерменликке оқытыў ҳәм кәсипке бағдарлаўға арналған «Ҳаял-қызлар оқыў орайын шөлкемлестириў» жойбарын әмелге асырыў мәселелери талқыланды.
Ушырасыўда белгиленген режелер тийкарында жойбар қурылыс жумысларын тез арада баслаў бойынша өз-ара келисип алынды.
Айтып өтиўимиз керек, Корея Республикасының Эксимбанки EDCF тәрепинен қаржыландырылыўы белгиленген жойбардың улыўма баҳасы 38 млн. доллар болып, ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў, реал исбилерменликке бағдарлаў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин кең жәмийетшиликке ен жайдырыў, бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған.
Жойбар қурылысы ушын Нөкис қаласы аймағынан жер майданы ажыратылыўы белгиленген ҳәм оның иске түсирилиўи менен ҳаял-қызларды оқытыў менен бир қатарда хызмет көрсетиў тараўлары бойынша арнаўлы курсларды шөлкемлестириў режелестирилген.
Өткерилген ушырасыўда усы белгиленген илажлар шеңберинде жумысларды жеделлестириў бойынша режелер белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги