2034-жылы футбол бойынша өткерилетуғын жәҳән чемпионатын өткериў ушын Азия футбол конфедерациясының төрт мәмлекети  — Индонезия, Австралия, Малайзия ҳәм Сингапур биргеликте өзиниң талабанлығын усыныс етиўге таярлығын билдирди.

«Ҳәзир Австралия менен сөйлесиўлер жүргизип атырмыз», дейди Индозения футбол ассоциациясы басшысы Эрик Тахир. 

— Малайзия ҳәм Сингапурға сапар еткенимде, еки мәмлекет те бул усынысқа қосылатуғынлығын билдирди.

Буннан алдын Саудия Арабстаны 2034-жылғы мундиалды өзинде өткериў бойынша басламаны ортаға таслаған еди. ФИФА Австралияға өзиниң талабанлығын қойыў яки қоймаўлығы бойынша ақырғы жуўабын бериўге 30-октябрьге шекем мүддет белгиледи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы