Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты
2023-2024-оқыў жылы ушын төмендеги бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл ететуғынлығын дағазалайды:
Бакалавр тәлим бағдарлары (күндизги):
- 60310100-Экономика (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша)
- 60411300-Бизнести басқарыў (аўыл хожалығында)
- 60411700-Логистика (агрологистика)
- 60412500-Маркетинг (аўыл хожалығында)
- 60420100-Юриспруденция (аўыл хожалығы ҳуқықы)
- 60610200- Хабар системалары ҳәм технологиялары (аўыл хожалығында санлы технологиялар)
- 60710400-Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша)
- 60711400-Технологиялық процесслер ҳәм өндиристи автоматластырыў ҳәм басқарыў (аўыл хожалығында)
- 60810100-Аўыл хожалығын механизацияластырыў
- 60810600-Жер кадастры ҳәм жерден пайдаланыў
- 60810700-Агрохимия ҳәм агротопырақтаныў
- 60810900-Агрономия (дийқаншылық өнимлериниң түрлери бойынша)
- 60811000-Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў
- 60811200-Аўыл хожалығы егинлери селекциясы ҳәм туқымгершилик (егин түрлери бойынша)
- 60811300-Аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ҳәм дәслепки қайта ислеў технологиясы (өнимлер түрлери бойынша)
- 60811700-Пиллешилик ҳәм тутшылық
- 60811800-Мийўе-овощ жетистириў хәм жүзимшилик
- 60812000-Ыссыхана хожалығын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў
- 60812100-Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы
- 60812300-Суў хожалығы ҳәм мелиорациясы
- 60812500-Гидротехника ҳәм насос станцияларынан пайдаланыў
- 60820100- Тоғайшылық ҳәм халықтың жасаў орынларын көклемзарластырыў
- 60840100-Ветеринария медицинасы (қара маллар кеселликлери)
Бакалавр тәлим бағдарлары (сыртқы):
- 60810100- Аўыл хожалығын механизацияластырыў
- 60810900-Агрономия (дийқаншылық өнимлериниң түрлери бойынша)
- 60812100-Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы
- 60812300-Суў хожалығы ҳәм мелиорациясы
- 60820100- Тоғайшылық ҳәм халықтың жасаў орынларын көклемзарластырыў
Магистратура қәнигеликлери:
- 70411201-Менеждмент (кластерлерин басқарыў)
- 70411302-Бизнести басқарыў (Master of Business Administration-MBA)
- 70710402-Экология (аўыл хожалығында)
- 70810101-Аўыл хожалығын механизацияластырыў (тармақлар бойынша)
- 70810601-Жер ресурсларынан пайдаланыў ҳәм басқарыў
- 70810702-Агрохимия
- 70810901-Агрономия
- 70810902-Өсимликшилик (егинлер топарлары бойынша)
- 70810903-Органикалық дийқаншылық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги
- 70811001-Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў (усыллары бойынша)
- 70811201-Селекция ҳәм нәсилшилик (егинлер топарлары бойынша)
- 70811301-Аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ҳәм дәслепки қайта ислеў технологиясы
- 70811501- Қусшылык
- 70811505-Нәсилшилик
- 70811701-Пиллешилик ҳәм тутшылық
- 70811805-Овощ, палыз ҳәм картошка жетистириў
- 70812306-Суўды үнемлеўши суўғарыў технологиялары
- 70820101-Тоғайшылық
- 70820102-Декоратив бағшылық ҳәм ландшафт
- 70830101- Балықшылық
Абитуриентлерди дизимге алыў “Билим ҳәм илимий тәжирийбелерди баҳалаў агентлигиниң uzbmb.uz сайты ҳәм бирден-бир интерактив хызметлер порталы my.gov.uz арқалы әмелге асырылады. Бакалавр тәлим бағдарларына дизимге алыў усы жылдың 20-июнинен 20-июлына шекем (сол күниде) ҳәм магистратура қәнигеликлерине 1-июльдан 30-июльға шекем (сол күниде) даўам етеди.
Қосымша мағлыўматларды институт қабыллаў комиссиясының
Callcenter телефонларынан алсаңыз болады.
Телефон номерлер (61) 229-26-89, (61) 229-27-01, (61) 229-26-92