Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты

 2023-2024-оқыў жылы ушын төмендеги бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл ететуғынлығын дағазалайды:

 

Бакалавр тәлим бағдарлары (күндизги):

  1. 60310100-Экономика (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша)
  2. 60411300-Бизнести басқарыў (аўыл хожалығында)
  3. 60411700-Логистика (агрологистика)
  4. 60412500-Маркетинг (аўыл хожалығында)
  5. 60420100-Юриспруденция (аўыл хожалығы ҳуқықы)
  6. 60610200- Хабар системалары ҳәм технологиялары (аўыл хожалығында санлы технологиялар)
  7. 60710400-Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша)
  8. 60711400-Технологиялық процесслер ҳәм өндиристи автоматластырыў ҳәм басқарыў (аўыл хожалығында)
  9. 60810100-Аўыл хожалығын механизацияластырыў
  10. 60810600-Жер кадастры ҳәм жерден пайдаланыў
  11. 60810700-Агрохимия ҳәм агротопырақтаныў
  12. 60810900-Агрономия (дийқаншылық өнимлериниң түрлери бойынша)
  13. 60811000-Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў
  14. 60811200-Аўыл хожалығы егинлери селекциясы ҳәм туқымгершилик (егин түрлери бойынша)
  15. 60811300-Аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ҳәм дәслепки қайта ислеў технологиясы (өнимлер түрлери бойынша)
  16. 60811700-Пиллешилик ҳәм тутшылық
  17. 60811800-Мийўе-овощ жетистириў хәм жүзимшилик
  18. 60812000-Ыссыхана хожалығын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў
  19. 60812100-Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы
  20. 60812300-Суў хожалығы ҳәм мелиорациясы
  21. 60812500-Гидротехника ҳәм насос станцияларынан пайдаланыў
  22. 60820100- Тоғайшылық ҳәм халықтың жасаў орынларын көклемзарластырыў
  23. 60840100-Ветеринария медицинасы (қара маллар кеселликлери)

 

Бакалавр тәлим бағдарлары (сыртқы):

  1. 60810100- Аўыл хожалығын механизацияластырыў
  2. 60810900-Агрономия (дийқаншылық өнимлериниң түрлери бойынша)
  3. 60812100-Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы
  4. 60812300-Суў хожалығы ҳәм мелиорациясы
  5. 60820100- Тоғайшылық ҳәм халықтың жасаў орынларын көклемзарластырыў

 

Магистратура қәнигеликлери:

  1. 70411201-Менеждмент (кластерлерин басқарыў)
  2. 70411302-Бизнести басқарыў (Master of Business Administration-MBA)
  3. 70710402-Экология (аўыл хожалығында)
  4. 70810101-Аўыл хожалығын механизацияластырыў (тармақлар бойынша)
  5. 70810601-Жер ресурсларынан пайдаланыў ҳәм басқарыў
  6. 70810702-Агрохимия
  7. 70810901-Агрономия
  8. 70810902-Өсимликшилик (егинлер топарлары бойынша)
  9. 70810903-Органикалық дийқаншылық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги
  10. 70811001-Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў (усыллары бойынша)
  11. 70811201-Селекция ҳәм нәсилшилик (егинлер топарлары бойынша)
  12. 70811301-Аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ҳәм дәслепки қайта ислеў технологиясы
  13. 70811501- Қусшылык
  14. 70811505-Нәсилшилик
  15. 70811701-Пиллешилик ҳәм тутшылық
  16. 70811805-Овощ, палыз ҳәм картошка жетистириў
  17. 70812306-Суўды үнемлеўши суўғарыў технологиялары
  18. 70820101-Тоғайшылық
  19. 70820102-Декоратив бағшылық ҳәм ландшафт
  20. 70830101- Балықшылық

Абитуриентлерди дизимге алыў “Билим ҳәм илимий тәжирийбелерди баҳалаў агентлигиниң uzbmb.uz сайты ҳәм бирден-бир интерактив хызметлер порталы my.gov.uz арқалы әмелге асырылады. Бакалавр тәлим бағдарларына дизимге алыў усы жылдың 20-июнинен 20-июлына шекем (сол күниде) ҳәм магистратура қәнигеликлерине 1-июльдан 30-июльға шекем (сол күниде) даўам етеди.

Қосымша мағлыўматларды институт қабыллаў комиссиясының

Callcenter телефонларынан алсаңыз болады.

Телефон номерлер  (61) 229-26-89,  (61) 229-27-01, (61) 229-26-92

www.qaxai.uz