Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде Францияның Өзбекстандағы елшиси Орелия Бушез бенен ушырасыў болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров ҳәм суў хожалығы тараўы қәнигелери қатнасқан ушырасыўда «Сүўенли» магистрал каналын реконструкциялаў мәселеси додаланды.

Ушырасыў алдында, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң орынбасары Т.Мадреймов жойбарды әмелге асырыў, атап айтқанда, «Сүўенли» магистрал каналын реконструкциялаў бойынша таярланған презентация менен мийманларды таныстырды.

Атап өтилгениндей, 2023-2027-жылларда Тақыятас, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында суўғарылатуғын жер майданларына хызмет етиўши «Сүўенли» магистрал каналын реконструкциялаў белгиленген. Ҳәзирги күнде усы шөлкем тәрепинен каналды реконструкциялаў бойынша техникалық-экономикалық тийкары (ТЭО) ҳәм жумысшы нормативлик ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.

Ушырасыўда Франция раўажланыў агентлиги ҳәм Европа инвестиция банки менен биргеликте әмелге асырылып атырған Арал теңизиниң төменги бассейниндеги деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў ҳәм суўғарыў бойынша инвестициялық бағдарлама бойынша AgroParicTech университетинен франциялы еки студент 2023-жыл 17-марттан баслап Қарақалпақстанға келгени ҳәм олар усы жылдың август айының орталарына шекем арқа районларды суў менен тәмийинлеўши «Сүўенли» магистрал каналы бойлап аўыл хожалығы жағдайын баҳалаўға байланыслы мағлыўматларды топлаў жумысларының алып барып атырғаны атап өтилди.

Мийманлар аймақларда өткерилип атырған ушырасыўларда Аралбойының өзине тән тәбияты, климат шараяты, суўғарыў тармақлары ҳаққында мағлыўматларға ийе болғанын, келешекте бирге ислесиў бойынша да өзлериниң пикир-усынысларын билдирип өтти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги