Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайында ОСК Баслығының қатнасыўында брифинг болып өтти. Онда Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы З.Низомхўжаев референдум басланғаны ҳаққында мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, елимиздеги барлық референдум өткериўши участкаларда даўыс бериў процесслери пуқаралардың белсендилигинде баслап жиберилди. Бул референдумда сайлаўшылар бирден-бир электрон дизимине 19 миллион 722 мың 809 даўыс бериўши пуқаралар киргизилген. Сондай-ақ, сырт еллердеги 55 референдум участкаларында 307 мың 895 пуқара дизимге киргизилген.
Атап өтилгениндей, референдум күни өзиниң жасайтуғын орнында болыў имканиятына ийе болмаған пуқаралар ушын 2023-жыл 29-26-апрель күнлери мүддетинен алдын даўыс бериў шөлкемлестирилди. Онда 611 мың 320 пуқара мүддетинен алдын даўыс берди.
Сондай-ақ, брифингте халықаралық ҳәм аккредитациядан өткерилген жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери бойынша да мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 964 жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери аккредитациядан өткерилген. Олар ҳәзирги ўақытта аймақларда даўыс бериў процесслерин бақлап, сәўлелендирип бармақта.
Брифингте атап өтилгениндей, усы ўақытқа шекем даўыс бериў процесслеринде нызамшылық бузылғаны ҳаққында мағлыўмат келип түскени жоқ. Егер нызамшылық бузылыў жағдайы бақланса, суд ҳәм прокуратура уйымларына мүрәжат етиў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА