Бухарада «Ең үлгили районлық (қалалық) Сәрдарлар кеңеси» таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышы өткерилди. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм «Камалак» балалар шөлкеминиң районлық ҳәм қалалық кеңеслериндеги Сәрдарлар кеңеслери арасында шөлкемлестирилген таңлаўда 14 команда «Бул бизиң жумысларымыз…», «Бизиң имканиятларымыз», «Интеллектуал ринг» шәртлери бойынша жеңимпазлық ушын өз ара жарысты.

Таңлаў жуўмағына муўапық, Бухара ўәлаяты Когон қаласының «Ең, самый, very» командасы 1-орын, Самарқанд ўәлаяты Каттақорған қаласының «Келешек қурыўшылары» командасы 2-орын, Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районының «Айдын келешек» командасы 3-орынды ийеледи. Жеңимпазлар ҳәм белсенди қатнасыўшылар диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Таңлаў шәртине муўапық, жеңимпаз команда толық қурамда, екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеген командалардың ўәкиллери усы жылдың май айында Қашқадәрья ўәлаятының «Лашын» дем алыў орайында өткерилетуғын «Камалак» балалар шөлкеминиң республикалық әнжуманында қатнасады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги