Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң “Ҳуқуқий ахборот” каналы мәлим етти.
Қарар тийкарында тест сораўларын шешиў ушын (жуўаплар бетин толтырыў менен бирге) 30 тест сораўына 1 саат, 60 тест сораўына 2 саат, 90 тест сораўына 3 саат ўақыт бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги