Термиз қаласында Аўғанстан темир жоллары басқармасының басшысы Байттурахмон Шарофат басшылығындағы аўған делегациясы менен ушырасыў өткерилди.

«Өзбекстан темир жоллары» АЖ баспасөз хызметиниң мағлыўматларына бола, ушырасыў нәтийжесинде Аўғанстан темир жол басқармасы ҳәм «Согдиана транс» СҲҚ арасында «Ҳайратон-Мозори-Шариф» темир жолын эксплуатациялаўды келешекте даўам еттириў бойынша жаңа шәртнамаға қол қойыўға келисилди.

Соның менен бирге, тәреплердиң келисимлерине бола, Аўғанстан тәрепине бағдарланған вагонларды «Өзбекстан темир жоллары» АЖның «Согдиана транс» СҲҚ тәрепинен Хайратон станциясына жеткерип бериў усы жылдың 10-февралынан қайта тикленди.

Сөйлесиўлер жуўмағында ерисилген келисимлер бойынша протоколға қол қойылды.

ӨзА