Жаңа жыл байрамын ҳәр бир бала интизарлық пенен күтеди. Себеби, бул байрамда ата-аналары ҳәм аға-апалары тәрепинен оларға ҳәр қыйлы саўғалар инам етилип, кишкенелеримиз айрықша қуўанышқа бөленеди.

Ал, ата-анасының қарамағынан айрылған балалар болса, бәрқулла Президентимиз ҳәм республика ҳүкиметиниң айрықша итибары ҳәм ғамқорлығында болып келмекте.

Ҳәр жылы жаңа жыл алдында дәстүрге айланған «Президент саўғасы» елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Беруний районына да жетип келди.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Эркабай Тажиев  Беруний районындағы 1-санлы шаңарақлық балалар үйине барып, онда тәрбияланып атырған балаларды байрам менен қутлықлады ҳәм оларға «Президент саўғасы»н  Беруний районы ҳәкими Атабек Сапарбаев пенен бирге тапсырды.

Соны айтып өтиўимиз керек, Беруний районындағы бул шаңарақлық балалар үйи 2020-жылдың ноябрь айында шөлкемлестирилген ҳәм онда бүгинги күни 10 бала тәрбияланбақта.

Сондай-ақ, усы күни район ҳәкимилигинде және 31 балаға «Президент саўғасы» тапсырылды. Онда район ҳәкими А.Сапарбаев ҳәм сектор баслықлары жаңа жыл байрамы менен балаларды қутлықлады. Балалар болса, өзлерине көрсетилген бундай ғамқорлықтан үлкен қуўанышқа бөленди.







Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы