Өзбекстан Энергетика министрлиги системада жумыс алып барып атырған барлық кәрханалар байрам күнлери тутыныўшыларды энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар көрилип атырғанын мәлим етти.
Атап өтилиўинше, нефть-газ ҳәм көмирди қазып шығарыў, электр энергиясы ҳәм нефть өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў бойынша кәрханаларда арнаўлы штаблар шөлкемлестирилген.
Электр энериясын ислеп шығарыўшы ыссылық электр станциялар ҳәм орайлардың турақлы ислеўин тәмийинлеў ушын күнине 47-48 млн куб метр тәбийғый газ жеткерип бериледи. Сондай-ақ, станциялар ушын 70 мың тонна мазут ҳәм 230 мың тонна көмир жанылғысы резерви жаратылған. Аймақлардағы барлық көмир қоймаханаларына көмир өнимин үзликсиз жеткерип берилиўи тәмийинленеди.
Байрам күнлери тутыныўшыларға күнинен орташа 155 млн куб метр тәбийғый газ, 2 мың тонна суйылттырылған газ, 5000 тонна автобензин, 5000 тонна көмир ҳәм 235 млн кВт-саат электр энергиясының жеткерип берилиўи режелестирилген.
Энергетика министрлигиниң қосымша етиўинше, байрам күнлери тутыныўшылар электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бойынша пайда болған қарыздарлық ушын тармақтан үзип қойылмайды.
ӨзА