Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлар аралық судына Тақыятас районлық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң санитария шыпакери жәрдемшиси Қ.Реймов лаўазым мийнет ҳақысына белгиленген үстемелерди өндириў ҳаққында арза менен мүрәжат етти.
Мүрәжат үйренип шығылғанда денсаўлығы ушын қәўипли ҳәм аўыр мийнет шараятында ислегени ушын мийнет ҳақысына қосымша 15 процентлик үстеме ҳақылары 2016-жылдан усы күнге шекем төлеп берилмегени анықланған. Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Республикалық Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет техникалық инспекторы П.Абдиязов даўагердиң мәпин қорғап судта қатнасты.
Нәтийжеде судқа лаўазым мийнет ҳақысына белгиленген үстемелерди өндириў ҳаққында киргизилген арза суд тәрепинен қанаатландырылып, жәми 747 мың сум муғдарындағы үстеме пуллары өндирип берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги