27-декабрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз алтыншы жалпы мәжилиси басланды.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.

Дәслеп сенаторлар Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүражатынан келип шығатуғын тийкарғы бағдарларға итибар қаратты.

Атап өтилгениндей, Мүрәжат өз мазмун-мәниси ҳәм руўхыяты бойынша мәмлекет пуқаралары, олардың мәпи ҳәм тиккелей халықтың жасаў сапасын және де жақсылаўға қаратылған бағдарламалық ҳүжжет болып есапланады. Онда көтерилген ҳәр бир мәселе парламент жумысы менен тығыз байланыслы болып, барлық тараўларда нызам үстинлигин, қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң орынларда орынланыўын тәмийинлеў бойынша парламент тәрепинен нәтийжели қадағалаў орнатыў, олардың толық орынланыўын мониторинг етиў Сенаттың тийкарғы ўазыйпаларынан болып табылады.

Соның ишинде, ықшам ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасын жолға қойыў ҳәм оның жумысы нәтийжелилигин тәмийинлеў ўазыйпаларынан келип шығып, Сенат комитетлери өз жумысы бағдарында бирге ислесиўши тийисли мәмлекетлик басқарыў уйымлары менен өз-ара байланыс ҳәм ислесиў усылларын қайтадан көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Мүрәжатта қойылған ўазыйпалардан келип шығып, Сенат нызамларды додалаўды жергиликли Кеңеслер дәрежесинде де белсене өткериў, нызамлардың ҳәр бир аймақтың мәплерине сәйкеслигин баҳалап барыўы керек екенлиги, нызамларды экспертлер ҳәм жәмийетлик додалаўдан өткериў механизмлерин кеңейтиў зәрүр екенлиги айрықша белгиленди.

Соның менен бирге, парламенттиң қадағалаў-таллаў жумысын күшейтиў зәрүр екенлигине итибар қаратылып, онда тийкарғы итибарды аймаққа, әсиресе, мәҳәллелерге қаратыў ҳәм бул процесске жергиликли Кеңеслерди белсене тартыў, халық пенен ислесиў нәтийжесинде анықланған әҳмийетли мәселелерди Ҳүкимет ағзалары алдында көтериў ҳәм олардың шешимин табыўға жәрдемлесиў керек екенлиги атап өтилди.

Мүрәжаттың инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бағдарында тиккелей сенаторлардың дыққат орайында болыўы зәрүр болған мәселе – коррупцияға қарсы гүресиў мәселеси болып есапланып, сенаторлар тийисли тараўларды таллаған ҳалда коррупцияны сапластырыў мәселесинде белсене болыўы зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди. Соның ишинде, бул бағдарда жуўапкер болған Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен турақлы бирге ислесиў алып барылса да, енди бул процессти жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм және де анық, нәтийжели шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Әҳмийетлиси, тиккелей аймақларда, тараўлар кесиминде таллаўлар өткериў, машқалалар шешими бойынша усыныслар таярлаў ҳәм оларды әмелде қолланыўға тийкарғы итибарды қаратыў, атап айтқанда, бюджет есабынан болып атырған қурылысларды ҳәм «басламалы бюджет» есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлар сапасын орынларға шығып үйрениўди инабатқа алыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, жалпы мәжилис даўамында Мүрәжатта атап өтилген суд қарарлары орынланыўының қатаң тәмийинленбей атырғанлығы машқаласына да айрықша итибар қаратылып, Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тийисли уйымларда суд қарарларының орынланыў жағдайын үйрениўи ҳәм тийкарланған усынысларды ислеп шығыўы зәрүр екенлиги, бул мәселеге Бас прокурор есабатын тыңлаў даўамында да айрықша итибар қаратылыўы зәрүр екенлиги белгиленди.

Буннан соң жалпы мәжилисте «2023-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бул нызам менен 2023-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Консолидацияласқан бюджеттиң жыйынды параметрлери ҳәм 2024-2025-жыллар ушын бюджет мөлшерлери белгиленген.

Атап өтилгениндей, нызам бойынша 2023-жылы мәмлекетимиздиң экономикасында жалпы ишки өнимниң өсиў пәтлери 5,3 процентти ҳәм тутыныў баҳаларының индекси 2022-жылдың декабрь айына қарағанда 9,5 процент муғдарында болыўынан келип шығып, Мәмлекетлик бюджет параметрлери есап-санақ етилген.

Өзбекстан Республикасы Консолидацияласқан бюджеттиң дәраматлары 2023-жылы 310,7 триллион сумды ҳәм қәрежетлер 343,2 триллион сумды қурайтуғыны күтилмекте.

Нызам менен 2023-жыл ушын Өзбекстан Республикасы  (Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети) атынан ҳәм Өзбекстан Республикасы  кепиллиги астында сыртқы қарызларды тартыў бойынша жыллық қол қойылатуғын жаңа келисимлердиң шекленген көлеми 4,5 миллиард доллар муғдарында етип белгиленбекте.

2023-жылғы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери (мәмлекетлик мақсетли қорларға ажыратылатуғын трансфертлер менен бирге) 257,7 триллион сумды, жалпы ишки өнимге салыстырғанда 24,1 процентти қурамақта.

Сенаторлар Мәмлекетлик бюджеттиң социаллық тараўға қаратылып атырған қаржылар муғдарына айрықша итибар қаратты. Атап өтилгениндей, билимлендириў тараўының қәрежетлери 58,4 триллион сум, денсаўлықты сақлаў тараўына 28,4 триллион сум, мәденият тараўына 2,5 триллион сум, спорт тараўына 2,3 триллион сум ҳәм илимди раўажландырыў илажлары ушын 2023-жылы 1,8 триллион сум қаратыў белгиленген.

2023-жыл ушын Мәмлекетлик бюджетте халықты социаллық қорғаўдың тийкарғы бағдарларын қаржыландырыў ушын 18,1 триллион сум ажыратылады.

Соның менен бирге, келеси жылы жәми 52 мыңнан артық дәраматы жоқары болмаған ҳәм турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ипотека кредити бойынша дәслепки төлем ҳәм процентлердиң бир бөлегин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан 1,13 триллион сум субсидиялар төлеп берилиўи нәзерде тутылған.

Экономикаға ажыратылыўы режелестирилип атырған қәрежетлер 36,7 триллион сумды, жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3,4 процентти, жәми қәрежетлердиң 14 процентин қурап, бул қаржылар тийкарынан тамшылатып суўғарыў, геологиялық излеў жумысларын ҳәм елатлы пунктлерди абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў ҳәм турақ жай коммуналлық хызметлер менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыўға қаратылыўы режелестирилген.

Бул нызам Сенат ағзалары тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, Сенаттың отыз алтыншы жалпы мәжилисинде «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.

Атап өтилгениндей, нызам менен Өзбекстан Республикасының Консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигин қаплаў дәреклерин кеңейтиў, сондай-ақ, 2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының жыл жуўмағына шекем өзлестирилмей қалатуғын айырым қәрежетлерин оптималластырыў илажлары көрилмекте.

Соның ишинде, мәмлекетлик мақсетли қорлардың дәраматлары прогнозы ҳәм қәрежетлериниң муғдарлары ҳәм 2022-жыл ушын республика бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдары – қосымша қәрежетлер ҳәм өзлестирилмей қалатуғын айырым қәрежетлерди оптималластырыў есабынан өзгертилмекте.

Атап айтқанда, қосымша қаржылардан социаллық тараўға 8,7 триллион сум, соннан билимлендириў тараўына 1,4 триллион сум, денсаўлықты сақлаў тараўына 0,5 триллион сум, халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға 6,2 триллион сум қаратылмақта.

Сондай-ақ, мәҳәллелердеги халықтың кейпиятына унамсыз тәсир көрсетип атырған әҳмийетли машқалалар шешими бойынша илажларды қаржыландырыўға 3,7 триллион сум қосымша қаржы ажыратылмақта.

Нызамға тийкарланып қосымша қәрежетлерди қаплаў дәреклери менен тәмийинлеў зәрүрлигиниң пайда болғанлығы себепли Өзбекстан Республикасының Консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң шекленген муғдары 4 процент етип белгиленбекте.

Сенат ағзалары ушын нызамды додалаўда қосымша ажыратылып атырған қаржылардан мақсетли пайдаланыўға итибар қаратып, киргизилип атырған өзгерислер мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажлардың өз ўақтында қаржыландырылыўына сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мақсетли қорлары қаржыларының халық абаданлығы жолында хызмет ететуғынын айтып өтти.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, Сенаттың отыз алтыншы жалпы мәжилисинде «Ҳуқықбузарлықлар профиликатикасы ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Бул нызам Ишки ислер министрлиги тәрепинен ҳуқықбузарлықлар профилактикасына байланыслы мәмлекетлик сиясатты нәтийжели жүзеге шығарыў, бул тараўдағы қатнасықларды толық тәртипке салыўды тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.

Атап өтилгениндей, нызам дөретиўшилигинде асығыслыққа, жүзекишиликке, ҳәмме ушын мәжбүрий болған қағыйдаларды тек ғана, жетерли тийкарларсыз белгилеп кетиўге ҳасла жол қойып болмайды.

«Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы нызамға да бул талаптың қолланылыўына итибар қаратылды.

Нызам 8 бап ҳәм 88 статьядан ибарат болып, Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен тараў қәнигелери, экспертлер, илимпазлар қатнасыўында өткерилген додалаўлар оны қайта көрип шығыў зәрүрлигин көрсеткенлиги атап өтилди.

Сенаторлардың билдириўинше, нызамдағы бир қатар нормалар әмелдеги басқа да нызамлар, соның ишинде, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы менен тиккелей ямаса жанапай байланыслы болған қағыйдаларға муўапық емес, ҳәтте айырым орынларда қарама-қарсы.

Атап айтқанда, нызамның 19-статьясында денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң ҳуқықбузарлықлар профилактикасы тараўындағы ўәкилликлери сыпатында жас өспиримлер арасында алкоголь ҳәм темеки өнимлери пайдаланылыўының профилактикасына байланыслы илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, алкоголь тәсиринде мәс ҳалда болған жас өспиримлерди күни-түни қабыл етиў ҳәм оларға медициналық жәрдем көрсетиў белгилеп берилмекте.

Жалпы мәжилис даўамында додаланған басқа бир яғный, «Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын ҳәм пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызам да болса жигирма бир жасқа толмаған шахслар тиккелей тәсир етиў субъектлери сыпатында белгиленген.

Ҳәр еки нызамдағы бул өз-ара муўапық емесликтиң сапластырылыўы зәрүр екенлигине, яғный, жас өспиримлер ҳәм жигирма бир жасқа шекемги шахслар менен байланыслы қатнасықларға ҳәр еки нызамда бирден-бир ҳәм қолайлы қатнасты билдириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Екиншиден, нызамның 3-статьясында «жас өспирим қадағалаўсыз шахс» түсинигине жас өспирим шахстың ата-анасы ямаса басқа нызамлы ўәкиллери оны тәмийинлеў, тәрбиялаў ҳәм оған билим бериў бойынша өз миннетлемелерин орынлаўдан бас тартқанлығы ямаса оларды керекли дәрежеде орынламағанлығы ақыбетинде минез-қулқы қадағалаўсыз қалған, жас өспирим шахс деп тәрийпленбекте.

Конституцияның 64-статьясында ата-аналарға өз перзентлерин камалға келгенге шекем бағыў ҳәм тәрбиялаў миннетлемеси жүкленген. Соның ушын нызамда ер жетпеген қадағалаўсыз шахс бойынша берилип атырған түсиниктиң Конституцияның 64-статьясына муўапықлығын қайта көрип шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

^шиншиден, нызамның 43-статьясында рәсмий ескертиўдиң түри Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланыўы атап өтилмекте. Әмелдеги нормаларда болса, рәсмий ескертиўдиң түри Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны белгиленген.

Бирақ нызамда бул ўәкилликтиң не ушын Ҳүкиметтен министрликке алып бериў нәзерде тутылып атырғанлығын қәнигелер де, нызам интакерлери де дәслепки додалаўларда тийкарлап бере алмаған.

Бундай қатнас тең статустағы министрликлер менен уйымлар ушын бир министрлик тәрепинен улыўма мәжбүрий болған процессуаллық ямаса рәсмий түрге ийе ҳүжжет түриниң тастыйықланыўына алып келиўи тийкарғы нормаларға пүткиллей қарама-қарсы. Қалаберди, нызамның 32-статьясында Бас прокуратура ҳуқықбузарлық профилактикасына байланыслы жумысты муўапықластырыўшы бирден-бир мәмлекетлик уйым етип белгиленбекте.

Сенаторлар тәрепинен бул нызам муқыятлап қайта көрип шығыўға мүтәж ҳәм оның ҳәзиргидей жағдайда мақулланыўы әмелиятта нәтийжеден бола, көбирек машқала пайда болыўы атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен бийкар етилди.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте «Муўапықлықты баҳалаў уйымларын аккредитациядан өткериў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.

Атап өтилгениндей, бул нызам муўапықлықты баҳалаў уйымларының жумысын халықаралық нормалар тийкарында баҳалаў ушын аккредитация системасын халықаралық талапларға бейимлестириўде жоқары нәтийже береди.

Атап айтқанда, нызам мәмлекетимиздиң миллий аккредитация системасын халықаралық талапларға муўапықластырыў, аккредитация уйымларының Халықаралық лабораторияларды аккредитациялаў шөлкеми (ILAC) ҳәм Халықаралық аккредитация форумы (IAF) жумысында толық ҳуқықлы ағза сыпатында қатнасыўына хызмет етеди.

Нызам менен аккредитацияның мақсетлери, тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳәм оны мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, Миллий аккредитация системасы ҳәм аккредитацияны әмелге асырыў тәртиби белгилеп берилмекте.

Аккредитацияның тийкарғы ўазыйпалары мәпдар тәреплердиң  аккредитациядан өткен субъектлердиң жумысына болған исенимин ҳәм муўапықлықты баҳалаў тараўында  бирден-бир техникалық сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлеў, аккредитацияланған субъектлердиң жумысы нәтийжелери халықаралық дәрежеде тән алыныўы ҳәм қабыл етилиўи ушын шараятлар жаратыўдан ибарат.

Буннан тысқары, нызамға муўапық Миллий аккредитация системасы жаратылып, аккредитацияны әмелге асырыў тәртиби, оның әмел етилиўин тоқтатып турыў, қайта тиклеў ҳәм сапластырыў тәртиби сондай-ақ, аккредитацияның әмел етилиўи сапластырылған жағдайда, оның    әмел етилиўиниң қайта тикленбеўи ҳәм онда қайтадан аккредитациядан өтиў ушын аккредитацияланған субъект аккредитацияның мүддети тамам болғанға шекем арза берген болса ғана оның алдынғы жумысының нәтийжелерин есапқа алынған жағдайда әмелге асырылыўы беккемлеп қойылмақта.

Соның менен бирге, нызам менен исбилерменлик жумысы қоллап-қуўатланбақта ҳәм республикамызда миллий сапа инфраструктурасының жақсыланыўына ҳәм «Өзбекстанда ислеп шығарылған» белгиси астында ислеп шығарылған өнимлердиң экспорт базарларына артықша тосқынлықларсыз кирип барыўына имканият жаратылмақта.

Бул нызамның қабыл етилиўи жергиликли ислеп шығарыўшы исбилерменлик субъектлери тәрепинен сапалы өнимлер ислеп шығарылыўын тәмийинлеўге ҳәм экспорт көлемин көбейтиўге тийкар жаратады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын ҳәм пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.

Ҳәммемизге белгили бул нызам Сенаттың жигирма жетинши жалпы мәжилисинде сенаторлар тәрепинен бийкар етилип, нызам бойынша пайда болған кемшиликлерди сапластырыў ушын Олий Мажлис палаталары тәрепинен келисим комиссиясы дүзилген еди.

Келисим комиссиясының ағзалары тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар ҳәм наразылықлар итибарға алынып, Нызамшылық палатасы тәрепинен нызам тастыйықланған.

Нызам менен алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын сондай-ақ пайдаланылыўын шеклеў бойынша бир қанша жаңалықлар киргизилиўи күтилмекте.

Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўы сондай-ақ пайдаланылыўын шеклеў, олардың унамсыз тәсирин профилактикалаўдың мәмлекет тәрепинен кепиллениўи үлкен әҳмийетке ийе.

Соның ушын алкоголь ҳәм темеки өнимлери, темекини ҳәм никотинди пайдаланыў үскенелериниң жигирма бир жасқа толмаған шахсларға реализациялаў ҳәм бул шахслар тәрепинен реализацияланыўы, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин пайдаланыў процесине усы шахсларды тартыў қадаған етилмекте. Бул жас шегарасы әмелдеги нызамға қарағанда создырылмақта.

Сондай-ақ, алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўы, пайдаланылыўын шеклеў бойынша жумысты әмелге асырыўшы уйымлар қатары кеңейтилмекте ҳәм олардың тараўдағы ўәкилликлери анық белгиленбекте.

Буннан тысқары, алкоголь ҳәм темеки өнимлери, сондай-ақ темеки ҳәм никотинди пайдаланыў үскенелериниң реализацияланыўына байланыслы шеклеўлер де киргизилмекте.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен «Техникалық жақтан тәртипке салыў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.

Атап өтилгениндей, бул нызам сырт еллердиң тәжирийбеси ҳәм халықаралық шөлкемлердиң усынысы тийкарында әмелияттағы ҳәзирги қатнасықларды нызам менен тәртипке салыўды жетилистириў мақсетинде ислеп шығылған.

Атап айтқанда, нызам өнимлер қәўипсизлигин халықаралық талаплар менен сәйкеслестириўге, ислеп шығарыўшылар, сатыўшылар ҳәм импорт етиўшилердиң қәўипли өнимлер реализациясының алдын алыўға қаратылған мәмлекетлик қадағалаўды күшейтиўге, жергиликли өнимлердиң сапасы ҳәм бәсекиге шыдамлығын арттырыўға хызмет етеди.

Нызамда қадағалаў сатып алыў әмелияты жолға қойылып, келешекте өнимниң қәўипсизлгин қадағалаў тек ғана кәрхананың өзинде емес, ал саўда орынларында да әмелге асырылыў мүмкин. Оның менен сапалы, қәўипсиз, техникалық регламент талапларына муўапық болған өнимлер тутыныўшыларға жеткерилиўи тәмийинленеди.

Соның менен бирге, қадағалаў уйымлары арасында сапасыз өнимлер ҳаққында мәлимлеме алмасыў системасы жолға қойылады. Сырт ел ислеп шығарыўшыларының жергиликли тутыныўшылар алдындағы жуўапкершилиги қатаң белгилеп қойылмақта.

Өнимди ислеп шығыўдан тутыныўшыға жеткериўге шекемги шынжыр қатнасыўшылары, яғный ислеп шығарыўшы, оның ўәкилликли ўәкили, сатыўшы ҳәм импорт етиўшилердиң миннетлемелери сондай-ақ, олар тәрепинен нызамшылықта ҳәм техникалық регламентте белгиленген мәжбүрий талапларға әмел етпегени ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Буннан тысқары нызам менен техникалық регламентлердиң талапларына жуўап бермейтуғын өнимди ислеп шығарыўға руқсат берген ямаса арза ийесине зыян жеткерген, соның ишинде, муўапықлық сертификатын бериўди тийкарсыз түрде бийкарлаған, муўапықлық сертификатының ямаса муўапықлық ҳаққындағы декларацияның әмел етиўин нызамға қайшы түрде тоқтатып турған ямаса тамамлаған муўапықлықты баҳалаў уйымы ҳәм оның лаўазымлы шахсларының жуўапкершилиги де нәзерде тутылмақта.

Техникалық регламентлердиң талапларына жуўап бермейтуғын айланыстағы өним ҳаққында хабардар етиў тәртиби белгиленбекте. Онда айланысқа шығарылған өнимниң техникалық регламентлер талапларына муўапық емеслиги ҳаққындағы өзине белгили болып қалған ислеп шығарыўшы, ислеп шығарыўшының ўәкиликли ўәкили, сатыўшы ҳәм импорт етиўши бул мәлимлеме алынған ўақыттан баслап он күн ишинде бул ҳаққында мәмлекетлик қадағалаў уйымына, сондай-ақ, ислеп шығарыўшыға хабар бериўи шәрт.

Бул нызамның қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлерине заманагөй ҳәм сырт ел стандартлары тийкарында сапалы өнимлер ислеп шығарыўға ҳәм халықты сапалы өним ҳәм хызметлер менен тәмийинлеўге алып келеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасы ҳүкимети менен Түркия Республикасы Ҳүкимети арасында жазасын өтеп атырғанларды тапсырыў ҳаққындағы келисимди (Ташкент, 2022-жыл 29-март) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Бул халықаралық келисимди ратификациялаў ҳаққындағы нызам Өзбекстан ҳәм Түркия пуқараларына суд тәрепинен тайынланған жазаны өз мәмлекетинде өтеў ушын ҳуқықый тийкар ҳәм имканият жаратады.

Бул ҳуқықый ҳүжжетке бола жазасын өтеп атырғанлар нызамда белгиленген тәртип-қағыйдаларға муўапық келисип атырған тәреплердиң мүрәжатлары тийкарында бериледи.

Додалаў ўақтында сенаторлар жазасын өтеп атырғанлардың жазаны өз елинде ҳәм жәмийетинде өтеўи оларға жақынлары менен турақлы көрисип турыў имканиятын бериўин, бул болса шаңарақлық қатнасқаларға унамлы тәсир көрсетиўин, сондай-ақ, жазаны өтеўшилердиң жәмийеттиң социаллық турмысына бейимлесиўине жәрдем беретуғынын айрықша атап өтти.

Сөзсиз, нызам қабыл етилиўи пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин және де нәтийжелирек қорғаў имканиятын береди, республиканың халықаралық майдандағы унамлы абырайын беккемлеўге хызмет етеди.

Ҳәммемизге белгили, Келисим 2022-жыл 30-март күни Түркия Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасына рәсмий сапары шеңберинде қол қойылған еди.

Додалаў жуўмағы бойынша сенаторлар Келисимди ратификациялаў ҳаққындағы нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бул ҳуқықый ҳүжжетти көрип шығыў процесинде сенаторлар жолларымызда жүз берип атырған жол-транспорт ҳәдийселери жәмийетимизди қорқынышқа салып атырғанын атап өтип, олардың келип шығыў себеплерин анықлаў ҳәм олардың алдын алыўда тийисли жуўапкер хызметкерлердиң жуўапкершилигиниң және де арттырылыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Соның менен бирге, үйрениўлер көрсеткениндей, автомототранспорт қуралларының айдаўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасында да бар болған кемшиликлер автомобиль жолларында ҳәр қыйлы нызамбузыўшылықлар ҳәм өлимшилик пенен тамамланып атырған жол-транспорт ҳәдийселериниң жүз бериўине себеп болмақта.

Нызамға бола автомототранспорт қураллары ҳәм қалалық электр транспорты қуралларының айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғын жумысты лицензиялаў бойынша ўәкилликли уйым статусы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясынан Ишки ислер министрлигине өткерилмекте.

Буннан тысқары, нызам менен автомототранспорт қураллары ҳәм қалалық электр транспорты қуралларының айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў тараўында жумысты лицензиялаў ушын төленетуғын мәмлекетлик бажының базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында белгиленбекте.

Сондай-ақ, «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы ҳәм «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз алтыншы жалпы мәжилисиниң биринши күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети