Республикамыз бойлап кең көлемде әмелге асырылып атырған «Меҳир_ҳәрекети» Қараөзек районлық Мектепке шекемги билимлендириў бөлими ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлими хызметкерлери тәрепинен де қоллап-қуўатланып бул бағдарда бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Атап айтатуғын болсақ, Мектепке шекемги билимлендириў бөлими хызметкерлери «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Қ. Жиенбаевтың шаңарағынан хабар алынып, жаңа жыл байрамы алдынан бөлим тәрепинен азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Ал, Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлими хызметкерлери  «Ак. С. Камалов» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Аманғалий Убайдуллаев ҳәм Улбосын Абдурасуловалардың шаңарақларында болып олардың жасаў шараятлары менен танысты.

Бөлимниң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен пуқаралардың социаллық жағдайлары үйренилип, оларға «Жаңа жыл» байрамы мүнәсибети менен саўғалар ҳәм азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Және де алдағы ўақытларда районлық Халық билимлендириў бөлими тәрепинен пуқара А. Убайдуллаевтың турақ жайының гүз-қыс мәўсиминде жылытыў тармағын қайта қурып бериў ҳәм турақ жайының зәрүрлигинен келип шығып, оны поллаў жумысларын алып барыў илажлары көрилетуғынлығын мәлим етти.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы