Елимизге қутлы қәдем таслап киятырған жаңа жыл Бозатаў районы турғынларына үлкен қуўаныш ҳәм шадлықлар алып келмекте.

Әсиресе, районда жүз берип атырған жаңалықларға жас шаңарақлар ҳәм онда тәрбия алып атырған балалардың қуўанышы өз алдына.

Атап айтатуғын болсақ, кеше Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20220жыл 22-январдағы ПҚ-98-санлы қарары ҳәм 2022-жылдың 23-24-февральда республикамызда болған сапарындағы 16-санлы мәжилис протоколы тийкарында қурылған еки мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Бозатаў посёлкасы ҳәм Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйынында жаңадан қурып питкерилген бул балалар бақшаларының ашылыў мәресиминде район ҳәкими К.Алланиязов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министриниң орынбасары Т.Байжанов ҳәм тағы басқалар шығып сөйлеп, аймақ халқын жаңа жыл байрамы ҳәм таза имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Соңынан имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси директорларына символикалық гилтлер тапсырылды.

Илажда қатнасыўшылар жаңа бақшаларда балалар ҳәм хызметкерлер ушын шараятлар менен танысып, оларға өзлериниң унамлы баҳаларын берди.

-Алдағы ўақытлары усындай заманагөй бақшалар Порлытаў, Аспантай ҳәм Еркин аўыл елатлы пунктлеринде ашылады,-дейди бизге Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы Ринат Бабаниязов.-Ҳәзирги күнлери бул аймақларда да қурылыс жумыслары өз жуўмағына жетиў алдында тур.Әлбетте, бул бақшалардың питкерилиўи менен Бозатаў районында балаларды бақшаларға қамтып алыў көрсеткиши жақсыланады. Бул болса, келешек әўлад ўәкиллерине көрсетилип атырған ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады.







Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы