Қазақстан парламенти депутатлары Нурсултан Назарбаевтың Елбасы статусын бийкарлаў ҳаққындағы нызам жойбарын қабыл етиў ушын даўыс берди.

Нызам жойбарының толық аты «Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы ҳаққында»ғы Конституциялық нызам өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққында» деп аталады.

Мәжилисте қатнасқан 90 депутаттың барлығы бир даўыстан нызам жойбарының күшке кириўин қоллап-қуўатлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги