Қарақалпақстан Републикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы МКШ ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды  тәрепинен “Мәҳәллелерде абаданлықты тәмийинлеў, халықтың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, халықтың тәбийғый ҳәм экологиялық мәдениятын арттырыў” атамасында жәрияланған 5-грант таңлаўында Өзбекстан “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районы бөлими   “Абат мәҳәллем” жойбары менен қатнасып, грант жеңимпазы болған еди.

Жойбарды әмелге асырыўдан тийкарғы мақсет, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талабы бузылыўының алдын алыў, оны анықлаў ҳәм шек қойыўдан ибарат, – дейди “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды районлық бүлиминиң баслығы Баҳадыр Балтабаев. –Сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине муўапық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралар менен биргеликте жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў, халықтың экологияға байланыслы билимлерин жетилистириў мақсетинде ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, таңлаўлар өткериў, сол арқалы аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, қоршаған орталықты қорғаўға үлес қосыўдан ибарат.

Жойбарда “Жасыл мәкан” улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде Толқын аўылында 70 сотых, Бабур аўылында 20 сотых, Қум жап аўылында 20 сотых, Чайкул аўылында 20 сотых, Қылышбай аўылында 10 сотых, Пәраўан пуқаралар жыйынында 5 гектар жерде “Мәҳәлле бағы”н жаратыў нәзерде тутылған. Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас  пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң талапларын халықтың кең қатламына түсиндириў мақсетинде аўыл пуқаралар жыйынларының ўәкиллери қатнасында ушырасыўлар өткериледи.  Халықты, әсиресе жасларды тәбиятқа абайлы мүнәсибетте болыў, тәбийғый ресурсларды үнемлеўге шақырыў, олардың экологияға байланыслы билимлендирн арттырыў мақсетинде “Тараққиёт кўзгуси” газетасының редакциясы менене биргеликте улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында шығармалар таңлаўы өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланады.


Әмиўдәрья телеканалы менен биргеликте “Абат мәҳәллем” көрсетиўи шөлкемлестирилип, аймақлардың санитариялық ҳәм экологиялық  жағдайды жақсылаў, қоршаған орталықты қорғаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар кеңнен үгит-нәсиятланады. Жаслардың санасына тәбиятқа мухаббат сезимлерин беккемлеў мақсетинде “Бәркамал әўлад” балалар орайының “Жас эколог” дөгереги ағзаларының қатнсында Беруний районындағы “Бадай тоғай” қорықханасына саяхат шөлкемлестириледи ҳәм “Жаслар ҳәм тәбият” көрсетиўи таярланады.

Бир жылға мөлшерленген жойбардың декабрь айына белгиленген режесине муўапық Қыпшақ аўылы аймағындағы мектеплердиң оқыўшылары арасында “Жасыл тәбиятты сақлаў– өзимиздиң қолымызда” темасында шығармалар таңлаўы өткерилип, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды. Сондай-ақ, 10 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны  ақсақаллары, ҳәким жәрдемшилери, пуқаралар жыйынларының экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша комиссиялары баслықларының қатнасында қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас  пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талапларын халық арасында үгит-нәсиятлдаў бойынша ушырасыў өткерилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы