Кеше түнде Қатар мәмлекетинде өткерилип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатында 1⁄8 финаль ойынлары шеңберинде еки ушырасыў болып өтти.

Олардың дәслепкисинде топар ойынларында Германия ҳәм Испания сыяқлы футбол грантларын жеңип шығып көпшилик футбол жанкүйерлериниң кеўлинен жыллы орын ийелеген  Япония сайланды командасы өткен жәҳән чемпионатының гүмис медалы ийеси Хорватия менен өз-ара ушырасты.

Ойынның 1-таймының 43-минутында Дайзен Маеда япониялыларды алдыға алып шыққан болса, 55-минутта Иван Перишич арадағы есапты теңлестириўге миясар болды.

Буннан соң еки команда ағзалары да гол урыў ушын бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Бирақ, ойында есап өзгермеди.

Чемпионат тәртибине муўапық ойынға қосып берилген қосымша еки таймда да 1-1 есабы өзгермеди ҳәм командалар пенальтилер бойынша ушырасыў жеңимпазын анықлаўға ҳәрекет етти. Онда өткен жәҳән чемпионатында да өз қарсыласларын пенальтилер сериясында жеңип шығып, финальға шекем жетип барған Хорватия Японияны 3-1 есабында жеңип шығыўға еристи.

Екинши ушырасыўда болса, 5 мәрте жәҳән чемпионы Бразилия сайланды командасы Қубла Кореяны 4-1 есабында жеңип шығып, шерек финальда Хорватия менен ушырасыў өткериў жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.

Бул ойында Бразилия қурамында Винисиус Жуниор, Неймар, Ришарлисон ҳәм Лукас Пакеталар гол урған болса, кореялылар қурамында Пак Син Хо есапты қысқартыўға еристи.

Бразилия ҳәм Хорватия арасындағы шерек финаль ушырасыўы 9-декабрь күни болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы