Беруний районы әдиллик бөлимине  пуқара З.М. мүрәжат етип, районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 62-санлы улыўма билим бериў мектеби басшылары тәрепинен оқытып атырған сабақларының саатлары алып қойылғанлығынан наразылығын билдирген.

-Мүрәжат тийисли тәртипте үйренип шығылғанда, пуқара З.М. орта мағлыўматқа ийе болып, 2007-жылдан берли усы мектепте баслаўыш класс муғаллими болып ислеп киятырғаны анықланды,-дейди Беруний районы әдиллик бөлиминиң баслығы Салтанат Райимбекова.-2021-2022-оқыў жылында мектепте сабақ бөлистирилиўи белгиленген тәртипте педагогикалық кеңесте көрип шығылып, кеңестиң қарары тийкарында мектеп директорының тийисли буйрығы менен барлық муғыллимлерге тийисли сабақ саатлары, соның ишинде, пуқара З.М.ға 2-класстағы үй шараятында билим алып атырған оқыўшыны оқытыў ушын 8 саат сабақ бөлистирилип, тарификациядан өткерилип, 2022-жылдың 1-мартына шекем оқытылып келинген.

2022-жылдың февраль айында усы мектептиң басқа бир муғаллиминиң мүрәжаты тийкарында мектепте тексериў өткерилип, оның нәтийжеси бойынша ҳеш қандай тәсир шарасы көрилмеген болса да, мектеп директорының буйрығы менен пуқара З.М.дан 8 саат сабағы тийкарсыз түрде алынған ҳәм хызметкер буйрық пенен таныстырылмаған.

«Улыўма билим бериў мәкемелеринде классларды комплектлеў ҳәм тарификация дизимлерин қәлиплестириў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң 15-бәнтинде, улыўма билим бериў мәкемелери тәрепинен қәлиплестирилген сабақ саатлары сеткасы улыўма билим бериў мәкемелериниң педагогикалық кеңеси тәрепинен еки жумыс күни ишинде көрип шығылып, ҳәр жылы 15–сентябрьге шекем муғаллимлерге сабақ саатлары төмендеги көрсеткишлердиң әҳмийетли избе-излиги тийкарында бөлистириледи. Улыўма билим бериў мәкемелериниң педагогикалық кеңеси тәрепинен сабақ саатлары қайта бөлистирилиўи мүмкин, деп көрсетилген.

Бирақ ис бериўши хызметкер З.М.дан 8 саат сабақты алыўда усы тәртипке бойсынбаған, яғный  педагогикалық кеңесте сабақ саатлары қайта бөлистириў мәселеси көрип шығылмаған.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 88-статьясына муўапық, мийнет шәртлери дегенде мийнет процесинде социаллық ҳәм өндирислик процесслердиң жәми түсиниледи. Социаллық факторлардың дизимине мийнет ҳақының муғдары, дем алыстың мүддети ҳәм басқа шәртлер киреди. Мийнет шәртлерин өзгертиў, олар қайсы тәртипте белгиленген болса, сондай тәртипте әмелге асырылады, деп көрсетилген.

Бирақ, жумыс бериўши хызметкер З.М.ның мийнет шәртлери оның келисимисиз, яғный өз-ара келисиўсиз өзгертилип, мийнет нызамшылығының қопал рәўиште бузылыўына жол қойылған. Нәтийжеде мүрәжат ийесиниң  бир ай даўамында мәжбүрий бос жүрип қалыўына алып келген.

Жоқарыдағы жағдайлардан келип шығып,  районлық әдиллик бөлиминиң усыныс хаты тийкарында мектеп директорының еки буйрығы бийкар етилип, пуқара З.М.ға тийкарсыз алып қойылған 8 саат сабағы қайтарып берилди. Сондай-ақ, даўа арза киргизилиўи нәтийжесинде судтың шешиўши қарарына тийкарланып мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын 963 мың сум муғдарында мийнет ҳақы ҳәм руўхый зыян ушын 963 мың сум компенсация өндирилиўи белгиленди.

Буннан тысқары, мийнет нызамшылығын бузғанлығы ушын мектеп директорына Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 49-статьясына тийкарланып базалық есаплаў муғдарының 5 есеси муғдарында жәрийма жазасы қолланылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы