Усы жылдың 15-17-июнь күнлери Олий Мажлис Сенатының баслығы – Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясының баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы әмелий сапар менен Америка Қурама Штатларында болады.
Мәлим етилиўинше, АҚШ Конгресси, сондай-ақ, тоқымашылық ассоциациялары ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери менен еки тәреплеме ушырасыўлар шеңберинде тоқымашылық тараўындағы мәмлекетлик ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының өз-ара бирге ислесиўиниң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысады.
АҚШ исбилермен топарлары ушын Өзбекстан тоқымашылық санаатының саўда-инвестициялық потенциалының презентациясы да өткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги