Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Кегейли районындағы Нуранийлар мәканында «Мениң Конституциям» атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.
Илажда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Кегейли районлық Кеңесиниң хызметкерлери, партия белсендилери ҳәм нуранийлар қатнасты.
Дөгерек сәўбетинде сөзге шыққанлар тәрепинен Тийкарғы нызамымызға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныслар бериўде нуранийлар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар белсене қатнасыўы кереклиги атап өтилди. Ашық пикирлесиў даўамында қатнасыўшылар өзлериниң бул бойынша усыныслары менен ортақласты.
Атап айтқанда, шаңарақ ҳәм мәҳәлле институтларының ролин арттырыў, мийнет ҳуқықларын кепиллеўди конституцияда және де беккемлеў мәселелери бойынша усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги