Жақында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлигинде Пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) сайлаўының жуўмағына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Биз усы илаждан соң Пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм  оны өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы комиссиясы баслығының орынбасары, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министри Сағындық Турмановтан өзлеримизди қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алдық.

-Республикамызда болып өткен сайлаўларға қандай баҳа бере аласыз?

-Елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы республикамызда да усы жылдың 16-майынан баслап 30-майына шекем Пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) сайлаўы белгиленген тәртипте, әдил ҳәм ашық-айдын түрде өткерилди, деўимизге толық тийкар бар.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының усы жыл 16-марттағы «Пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы  қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының усы жылы 24-марттағы қарары қабыл етилди. Усы қарарға муўапық, май айында Пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы комиссиясын шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў бойынша  илажлар режеси, сондай-ақ, Пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм оны өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы комиссиясының қурамы тастыйықланды. Усы комиссияның ағзалары барлық қала ҳәм районға бириктирилди.

-Сайлаўдың қай дәрежеде өтиўи жумысшы топарларға байланыслы. Орынларда жумысшы топарлардың жумысына тоқтап өтсеңиз?

-Дурыс айтасыз. Тастыйықланған режеге муўапық жәми 424 мәкан, аўыл ҳәм посёлкалық пуқаралар жыйынында  3920  ағзадан ибарат жумысшы топар дүзилди. Олардың қурамына сол аймақта жайласқан кәрхана, мәкеме, шөлкемлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары киргизилди.

Болып өткен сайлаўларда 110 мың 56 ўәкил қатнасты. Пуқаралар жыйынларының баслығы (ақсақалы) лаўазымына талабанларды тайынлаўда халықтың пикири есапқа алынғанын айрықша атап өтиў керек. Сонлықтан да, нызам бойынша, жоқары мағлаўматлы, сайлаўға шекем кеминде бес жыл сол аймақта турақлы жасаған, шөлкемлестириўшилик қәбилети бар, турмыслық тәжирийбеге, халықтың арасында айбырайға ийе болған жәми 1 мың 575 пуқара сайлаўларда талабан етип көрсетилди.

Өткерилген сәўбетлесиўлер нәтийжесинде қала ҳәм район ҳәкимлери тәрепинен усыныс етилген  972 талабаннан 424 талабан пуқаралар тәрепинен пуқаралар жыйынының баслығы лаўазымына мүнәсип деп табылды.

-Усы сайланған пуқаралар жыйынларының баслықлары туўралы мағлыўмат берип өтсеңиз?

-Болып өткен сайлаўларда 180 пуқаралар жыйынының баслығы қайта сайланған болса, 244 пуқаралар жыйының баслығы биринши мәрте сайланды. Соның ишинде, көрсетилген талабанлардан Бозатаў ҳәм Нөкис районларында 80 проценти, Қанлыкөл районында 91 проценти, Хожели районында 100 проценти биринши мәрте сайланғанын айрықша атап өтиў керек.

Пуқаралар жыйыны баслықларының үшеўи 30 жасқа шекемги, 63 баслық 30-40 жасқа шекемги, 130 баслық 40-50 жас аралығындағы, 194 баслық 50-60 жас аралығындағы, 34 баслық 60 жастан жоқарғылардан ибарат. Сайланғанлардан 398 и жоқары, 26 сы орта арнаўлы мағлыўматқа ийе.

Қәнигелигине қарай, 19 ҳуқықтаныўшы, 149 оқытыўшы, 56 экономист, 70 инженер, 40 агроном, 90 басқа кәсип ийелери қурайды. Сайланғанлардың арасында 54 ҳаял-қыз, 32 халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары  болып есапланады.

-Сайлаў барысында қандай кемшиликлерге жол қойылды, деп ойлайсыз?

-Халқымыз пуқаралар жыйыны баслығын сайлаўда өзлериниң бийпәрўа емеслигин көрсетип, илажларға белсене қатнасты. Әлбетте, сол аймақтың келешекте гүллеп-раўажланыўы, халықтың абадан турмысын тәмийинлеўде пуқаралар жыйынының баслықларына айрықша жуўапкершилик жүкленген. Халқымыз, мине, усындай талабанларға даўыс берип, мүнәсип баслықларды сайлады, деген үмиттемен.

Солай да болса, айырым жумысшы топар баслықларының жыйналысларды алып барыўда тәжирийбесизлиги көзге тасланды. Бул кемшиликлер ўақтында сапластырылып, тийисли илажлар көрилди. Себеби, мәҳәлле-жәмийетимиздиң жарқын жүзи ҳәм ҳүжданының айнасы болып есапланады.

Сәўбетлескен:  Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы