Өзбекстан Crescent Rating тәрепинен ҳәр жылы жәрияланатуғын World Muslim Travel Indexте күшли онлыққа кирди. Бул ҳаққында Сингапурда мусулман туризм базарын қайта тиклеў ҳәм раўажландырыўға арналған “Halal In Travel — Global Summit—2022” саммитинде хабар берилген.
Жазылыўына қарағанда, бул рейтингти ислеп шығыўда мәмлекеттиң саяхатшылар ушын ашықлық сиясаты, мусылман туристлери ушын жаратылған мүмкиншиликлер, үгит-нәсиятлаў ҳәм маркетинг сыяқлы қырқтан аслам критерия есапқа алынған.
Crescent Rating шөлкеми басшысы Фазал Баҳардин быйылғы көрсеткишлерге айрықша тоқтап, Өзбекстанды рейтингте ең тез көтерилген ҳәм басқаларға өрнек болып атырған мәмлекет ретинде тән алған.
Мағлыўмат орнында, Өзбекстанда 1- январдан баслап 35 ресторан (жедел аўқатланыў тармақлары ) ҳәм 4 мийманхана рейтинг ҳәм “Ҳалал” сертификатына ийе болған.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары 3-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги