9-июнь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети, Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры, АК Халық банки менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасында «Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ҳәптелиги»не старт берилди.

Ҳәптеликтиң мақсети – өткерилген илажлар даўамында ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды исбилерменликке кеңнен тартыў, бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, Қарақалпақстан тәжирийбесин басқа ўәлаятларға да көрсетиўден ибарат.

Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы»нда ҳәптеликтиң ашылыў мәресими өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Бахтиёр Сайфуллаев, Сенаттың шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм гендер теңлиги мәселелери бөлиминиң баслығы Нодира Шотурсунова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларға кеңнен тоқтап өтип, ҳәптелик шеңберинде ҳаял-қызлардың бәнтлигин үйрениў, олардың басламаларын әмелге асырыўда пайда болып атырған машқалаларды шешиў бойынша пикир-усыныслар тыңланатуғыны, арнаўлы акциялар ҳәм басқа да бир қатар илажлар әмелге асырылатуғынлығы мәлим етилди.

Қатнасыўшылар өнерментшилик өнимлериниң ҳәм қарақалпақ миллий кийимлериниң модалар көргизбесин тамашалап, пикирлерин билдирди.

Соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети, Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры, АК Халық банки ўәкиллериниң қатнасыўында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери менен дөгерек сәўбети өткерилди.

Дөгерек  сәўбетин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Марьям Аҳмедова алып барды.

Онда баянатшылар тәрепинен республикамызда жасап атырған ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўды еле де күшейтиў, ҳаял-қызлардың жумысларында дус келип атырған тосқынлықлар ҳәм машқалаларды шешиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлиги, оларға берилип атырған жеңилликлер, жаратылған қолайлықлар, республикамызда ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң қатнасы туўралы мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, дөгерек сәўбетинде, қәнигелер тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры жумысларының бағдарлары атап өтилип, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери ушын грантлар ажыратыўға бағышланған презентация өткерилди. Көтерилип атырған мәселелердиң унамлы шешилиўинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер белсене қатнасып, бирге ислесиў жолға қойылса көбирек нәтийжелерге ерисилетуғынлығы атап өтилип, ажыратылып атырған грантлардан утымлы, нәтийжели, мақсетли пайдаланыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Күнниң екинши ярымында исбилермен ҳаял-қызлар, сондай-ақ, қусшылық ҳәм жумысты үйге бөлип алып ислеў  бағдарлары бойынша грантлар ажыратыў мақсетинде исбилермен болыўды қәлеўши  ҳаял-қызлар менен ушырасыў, исбилермен ҳаял-қызлардың жумыс орынларына барып, олардың жумыслары, машқалалары, пикир-усыныслары менен танысыў, денсаўлығын тиклеўде социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларда болып, наўқаслардың жағдайларынан хабар алыў ҳәм оларға қаржылай жәрдем көрсетиў илажлары әмелге асырылды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги