«Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Ҳадаллық вакцинасы-раўажланыў гиреўи» атамасында онлайн конференция болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Әдиллик министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илаждың тийкарғы мақсети, коррупцияның ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийеттиң  сиясий-экономикалық раўажланыўына айтарлықтай зыян келтириўин, мәмлекеттиң Конституциялық тийкарларын ҳәм нызам үстинлигин әззилетиўдеги тәсирин есапқа алған ҳалда бул процесслерде бәршени итибарлылыққа шақырыў ҳәм оны ислегенлерге жаза берилиўин тәмийинлеўден ибарат.

«Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Президентимиз мәмлекетлик басқарыўдың биринши күнлеринен баслап қабыл еткен дәслепки ҳүжжетлердиң бири бул «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы» Нызам болып, партия бағдарламасында да бул иллетке айрықша итибар қаратылған.

Соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен жаңа шөлкем -Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң шөлкемлестирилиўи коррупциясыз келешекке тасланған әҳмийетли қәдем болды. Ҳәзирги ўақытта усы иллетке байланыслы жынаятларды ислеўге байланыслы нормативлик ҳүжжетлер тийисли уйымлар тәрепинен қайта көрип шығылып, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, аўыр жаза түрлерин қолланыў үстинде бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Алдағы ўақытлары нормативлик ҳүжжетлерди жетилистирилген ҳалда коррупция менен байланыслы жазаға тартылған пуқараларды арнаўлы дизим тийкарында бирден-бир реестрге бириктириў нәзерде тутылған. Бул, әлбетте, барлық лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин арттырған ҳалда, өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз. Себеби, коррупция жынаятын ислеген лаўазымлы шахслар жоқарыда атап өтилген реестрге киргизилип, келешекте басшы лаўазымлардан шетлетиледи. Әлбетте, бундай илажлар көплеген еллердиң тәжирийбесинде өзин ақлаған.

Коррупция иллети инсан ҳуқықларының бузылыўына, мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм жәмийеттиң келешегине кери тәсир етер екен, оған қарсы маўасасыз гүресиў, елимизди коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў тек мәмлекетлик ямаса жәмийетлик шөлкемлердиң ғана емес, бәршемиздиң ўазыйпамыз болып табылады. «Адолат» социал-демократиялық партиясы да коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында өзиниң анық позициясына ийе.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы