Мүнәсибет

Ҳүрметли Президентимиз усы жыл 1-март күнги видеоселектор мәжилисти жуўмақлар ўақтында, «Елимизде «Ҳаял бахытлы болса, жәмийет бахытлы болады», деген ийгиликли көзқарастың  турмысымыздың қағыйдасына айланыўы ушын ҳәммемиз биргеликте ҳәрекет етиўимиз керек… ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ мәселеси – бул күнделикли жумыслар арасында көзабаға шуғылланатуғын мәселе емес», деген пикирди ортаға таслады.

Усы пикирлерден ҳаял-қызларды ҳүрметлейтуғын елдиң ҳаял-қызларының өзлери де бүгинги күни, дәўир талапларын инабатқа алған ҳалда өзлериниң турмысын пүткиллей қайтадан қурыўы зәрүр, деген пикирлер келип шығады.

Жеке өзим сайлаўшыларым менен, өзим сайланған аймақта болып, тез-тез ҳаял-қызларымыз бенен сәўбетлесип тураман. Быйылғы жылдың 1-мартынан олар ушын жаңа имканиятлар есиги ашылғанына исенимим кәмил болды.

Себеби, ҳаял-қызлар ең дәслеп оқымыслы, дүньяға өз көзқарасы, ҳәр қандай жағдайларға еркин түрде мүнәсибет билдире алатуғын инсан болыўы керек. Аналарымыз сондай болса ғана, олар ҳәр тәреплеме саламат, терең ақыл ҳәм пикирге ийе перзентлерди тәрбиялап, кәмалға келтириўи мүмкин.

Ҳаял биреўлеримиздиң анамыз, сырлас мәсләҳәтшимиз, биреўимизге сүйикли яр, турмысымыздағы исенимли жолдасымыз болып есапланады.

Солай екен, олардың ҳүрметин өз орнына қойыўымыз, жеткиликли дәрежеде итибар ҳәм ҳүрмет көрсетиўимиз керек. Сонда ғана  Президентимиздиң айтқанындай, «Егер биз мийрим-шәпәәт ҳәм садықлықтың тымсалы болған меҳрибан ҳәм қәдирдан ҳаял-қызларымызға бир мәрте жақсылық етсек,  исениңлер, бул өзимизге он жақсылық болып қайтады.

Әзиз апа-қарындасларымыз, аналарымыз бул жақсылықтың қәдирине әлбетте жетеди, турмысынан разы болып, шүкиршилик пенен жасайды».

Аўа, бүгин мен сыяқлы мыңлаған заманласларымыз Президентимиздиң басшылығындағы видеоселектор мәжилисинен соң, халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында бир ҳақыйқатты аңлап жетти. Ол да болса жәмийеттиң раўажланыў негизи есапланған шаңарақта ҳаялы бахытлы болса, сол үйде бахыт ҳүким сүреди!

Илҳам Атабаев,

Беруний районындағы бюджеттен тысқары пенсия қоры баслығының орынбасары,  Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги