Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде өткен жыл даўамында исленген жумыслардың жуўмағына бағышланған баспа сөз әнжуманы болып өтти.

Илажда Әдиллик министри С.Мамбеткадыров ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине бул бойынша кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысын муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң  орынланыўы бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм методикалық басшылықты әмелге асырыў, олардың аймақлық бөлимлериниң жумысында ҳуқықты қоллаў әмелиятын избе-из ҳәм бирдей тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымлары жумысының тийкарғы ўазыйпасы болып табылады.

Бул бағдарда өткен жыл даўамында айтарлықтай унамлы жумыслар алып барылды.

Атап айтқанда, өткен жыл даўамында министрликке 4692 мүрәжат келип түсип, судларға 9 миллиард 363 миллион сумлық даўа арза киргизилди ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары тикленди. Пуқаралардың пенсия тәмийнатынан пайдаланыў тараўындағы өткерилген үйрениўлер даўамында пенсия қорының қалалық ҳәм районлық бөлимлери  тәрепинен пенсия таярлаўда пуқаралардың ис стажын ҳәм олардың табысын толық есапқа алмастан пенсия таярлаў жағдайлары анықланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020- жыл 18-февральдағы «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң  лаўазым ис ҳақысына 30 процент қосымша арнаўлы үстеме пулларының төлениўи мониторинг қылынды. Нәтийжеде республикамыз бойынша 384 пуқаралар жыйынынан 1306 хызметкерге 6 миллиард 997 миллион 804,7 мың сум муғдарында арнаўлы үстеме пулы төленбегенлиги анықланды. Бул бойынша  министрлик тәрепинен тийисли шара илажлары көрилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы тәрепинен елимиз басшысының пәрман, қарар,бийлик ҳәм тапсырмалардың орынланыўын 2021-жыл даўамында бес тараўда яғный, пенсия тәмийнаты ҳәм халықты социалық қорғаў, экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараў объектлерин энергия ресурслары менен тәмийинлеў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, халық билимлендириў ҳәм статистика тараўларында 6 нызам, 27 пәрман, 43 қарар ҳәм  4 мәжилис протоколында, сондай-ақ, министрлик тәрепинен 4  пәрман, 20 қарар ҳәм 5 мәжилис протоколында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын таллаў бойынша мәнзилли ҳәм тематикалық үйрениўлер алып барылды. Нәтийжеде 900 ден зыят нызам бузылыў жағдайы анықланып, кемшиликлерди сапластырыў бойынша 23 усыныс киргизилди.

Мәселен, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары маман кадрларды таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген үстеме пуллардың төлениўи үйренилгенде, тийкарғы олимпиадалардың республикалық басқышында жеңимпаз болып, бүгинги күни билимлендириў мәкемелеринде ислеп атырған педагогларға 100 процент үстеме пулы төленбеген анықланды. Бул бойынша Халық билимлендириў министрлигине киргизилген усыныс тийкарында 15 муғаллимге 472 миллион сум муғдарында үстеме пулы төлеп берилди.

Өткен жылы даўамында министрлик тәрепинен 287 мәрте көшпели қабыллаў шөлкемлестирилип, 700 ден зыят мүрәжат тийисли тәртипте көрип шығылып, унамлы шешимин тапты. Буннан тысқары, суд, адвокатура, нотариат, ғалаба хабар қураллары менен имзаланған меморандумға муўапық «Мәҳәлле кесиминде» принципи тийкарында «Бийпул ҳуқықый мәсләҳәт пенен ҳәр бир үйге» сүрени астында 350 пуқаралар жыйынында пуқараларға 6 мыңнан зыят мәсләҳәт берилди. Буннан тысқары, суд имаратларында «Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем» бөлмелери шөлкемлестирилди. Министрлик тәрепинен жолға қойылған «Фермерге жәрдем» ҳуқықый акциясы даўамында 644 илаж өткерилди.

Мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде нызамлардың орынланыўы бойынша 400 ден зыят үйрениў алып барылып, 110 мың нызам бузылыў жағдайы анықланды. Үйрениўлердиң нәтийжеси бойынша 925 усыныс, 322 ҳәкимшилик усыныс,  1374 ескертиў берилип, олардың орынланыўы тәмийинленди. 419 жуўаплы хызметкер интизамый, 7 шахс жынайый жуўапкершиликке тартылды. Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлардың 269 қарары бийкар етилип, 6 миллиард 487 миллион сум муғдарында пул қаржысы қайтарылды.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы