«Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-146-санлы, 01.03.2022 ж.) қабыл етилди.

Қарар менен Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шанарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия шөлкемлестирилди.

Қарарға муўапық, мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери лаўазымларына талабанлар ашық таңлаўлар тийкарында жумысқа қабыл етиледи.

Бул лаўазымға шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў тәжирийбесине ийе, жеке пазыйлетлери менен үлги көрсеткен, пидәкер ҳәм садық талабанлар тайынланады.

2022-жыл 1-майдан мәҳәлледеги ҳаял-қызлар белсендисиниң айлық мийнет ҳақысының муғдары ол бириктирилген мәҳәлледеги шаңарақлардың санына сәйкес тәризде төмендегише белгиленеди:

– шаңарақлардың саны 500 ге шекемги мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3,5 есеси (2 млн 877 мың сум) муғдарында;

– шанарақлардың саны 501 ден 1000 ға шекемги мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 4 есеси (3 млн 288 мың сум) муғдарында;

– шаңарақлардың саны 1000 нан аслам мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 4,5 есеси (3 млн 699 мың сум) муғдарында.

2022-жыл 1-августқа шекем мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери «Ҳаял-қызлар дәптери»н жүргизиў, аралықтан турып есабатлар усыныў ҳәм видеоконференцбайланыс тәризинде мәжилислерде қатнасыў имканиятын беретуғын планшетлер менен тәмийинленеди.

Қарар менен, сондай-ақ, Бас прокуратура структурасында Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм оларды күш және зорлықтан қорғаў тараўларында  нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы дүзилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги