Мүнәсибет

Усы жыл 1-март күни Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасы ҳәм олардың жәмийеттеги абырайын және де беккемлеў, сондай-ақ, оларды социаллық қорғалыўды күшейтиў, шаңарақлық зорлықлардың алдын алыў, гендер теңлигиниң қарар табыўына қаратылған әҳмийетли илажлар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтип, усы бағдарда ең әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилис даўамында Президентимиз, «бүгинги күнде ҳүрметли апа-қарындасларымыздың жәмийетимизде алып барылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар процесинде, басқарыў системасында, исбилерменлик, илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында, мәҳәллелерде  пидәкерлик пенен мийнет етип атырғанын ҳәммемиз жақсы билемиз ҳәм қәдирлеймиз» деп атап өтти.

Шынында да, соңғы жылларда мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын, абырайын беккемлеў бағдарында мәмлекетлик әҳмийетке ийе үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳаял-қызларымыз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста, өндирис, илим, исбилерменлик тараўларында үлкен жетискенликлерди қолға киргизбекте. Шаңарағында ҳәм жәмийетлик турмыста мүнәсип орын ийелеп, перзент тәрбиясы менен бирге, турмысымыздың ҳәр қыйлы салаларындағы басқа да жумысларын бир-бирине байланыстырған ҳалда кеўилдегидей етип орынлап келмекте. Булардың барлығы усындай абадан елимизде ҳүрметли ҳаял-қызларымызға мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған шараятлар, имканиятлар себепли әмелге асырылмақта.

Бүгинги қолға киргизилип атырған барлық табыс ҳәм жетискенликлер, үлкен дөретиўшилик жумыслар ҳәм реформалардың негизинде түрли тараўларда мийнет етип атырған ҳаял-қызларымыздың да орны үлкен.

Мәжилисте Президентимиз мәмлекетимизде ҳаял-қызларға  имканиятлар жаратыў, олардың жәмийетимиз турмысында тутқан орнын беккемлеў бойынша еле ислениўи тийис болған жумыслар ҳәм гезектеги ўазыйпаларды белгилеп берди.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлар исбилерменлиги, оларды кәсип өнерге оқытыў, жумыс пенен тәмийинлеў, «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы шеңберинде әмелге асырылған жумыслар, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм басқа бир қатар әмелий жумысларды атап өтип, «Бул бағдарда және де көп жумыслар ислеўимиз зәрүр» деди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы ҳаял-қызларды қыйнап атырған машқалалардың шешилиўи зәрүр екенлигин атап өтип, «Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында да ҳаял-қызларға мүнәсип шараят жаратыў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў мәселесин ең әҳмийетли бағдарлардан бири сыпатында бийкарға белгилемедик» деп атап өтти.

Шынында да, жәмийеттиң турақлылығы, раўажланыўы ҳаял-қызларға, шаңараққа болған мүнәсибет ҳәм итибар менен баҳаланады. Партиямыздың сайлаўалды бағдарламасында да ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, гендер теңлик принциплерин тәмийинлеў, пуқараларға, әсиресе, ҳаял-қызларға бейимлесиўшең жумыс ўақты аралығын енгизиў, ҳаяллардың шаңарақларында көбирек болыўы ушын шараятларды жаратыў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

Партиямыз елимизде усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды толық қоллап-қуўатлайды ҳәм ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаўды өзиниң алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири деп есаплайды. Себеби, ҳаял-қызлар-жәмийетимиздиң гүлтажы, миллет даўамшысы, жақсылыққа, меҳир-муҳаббатқа жетеклейди.

Ҳаялды улығлаў – шаңарақты, Ўатанды улығлаў демекдур.

Тәжибай Романов,

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзМТДП

фракциясының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги