Дыққат, тайынлаў

Президент қарары менен спортты раўажландырыў министрлигине үш орынбасар тайынланды.

Қарарға муўапық, туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары лаўызымында ислеп келген Абдулла Убайдуллаевич Асланов Өзбекстан Республикасы спортты раўажландырыў министриниң орынбасары лаўазымына;

Туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары ўазыйпасында ислеп келген Шахрилла Шарипович Махмудов Өзбекстан Республикасы спортты раўажландырыў министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.

Сондай-ақ, Мурат Валижанович Исмаилов та Өзбекстан Республикасы спортты раўажландырыў министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги