Ҳуқықтаныўшы Ҳушнуд Худайбердиев өзиниң канал оқыўшыларынан келген хабарларда, биометрикалық паспорт берилгенде ЖПХ инспекторлары базадан ҳеш нәрсени тексере алмай, қалған ҳүжжетлерди бериўди талап етип атырғаны ҳаққында жазады.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 135-статьясына киргизилген өзгерислерге бола, айдаўшылардың жанында Өзбекстан Республикасының ишки ислер уйымлары ямаса консуллық мәкемеси тәрепинен берилген биометрикалық паспорт ямаса идентификациялаўшы карта ID-картасы болған жағдайда, 4 ҳүжжетти («права», техпаспорт, қамсызландырыў ҳәм исеним хаты) жанында алып жүриўи талап етилмейди. Өзбекстан Республикасының нызамлары ҳәмме ушын орынланыўы бирдей мәжбүрий болған ҳүжжет есапланады, нызам бойынша айдаўшылар ҳуқықын талап етиўине ҳақысы бар, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги