Тыныш, парахат, қәўип-қәтерсиз өткен ҳәр бир күнимиз байрам болып есапланады. Бәҳәрдиң биринши күнинде туўылған Өзбекстан халық шайыры Зульфияханым бахыт, бәҳәр, қуўанышлы күнлер ҳәм садықлық жырлаўшысы еди.

Пайтахтымыздағы Әлийшер Наўайы атындағы Миллий парк аймағындағы «Жазыўшылар қыябаны»нда халқымыздың белгили шайыры, меҳир ҳәм садықлық, бәлки миллионлаған өзбек ҳаял-қызларының тымсалына айланған Зульфия туўылған күниниң 107 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

«Бул бағлар бир бағлар болады еле» деп аталған бул илажда жазыўшы ҳәм шайырлар, әдебияттаныўшылар, белсенди ҳаял-қызлар, Зульфияханымның жақынлары, шәкиртлери, кең жәмийетшилик қатнасты.

Илажда Өзбекстан халық шайыры, Зульфияханым дөретиўшилиги, нәтийжели ҳәм ибратлы жумысы, устаз қалдырған руўхый мийрас, ибратлы естеликлери халқымыздың турақлы итибарында екени атап өтилди.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид Зульфия апа оғада ғайратлы, мәрт ҳаял жолын басып өткени, дөретиўшилик жолында ислеген мийнетине бола өзбек поэзиясының елеге шекем мәлийкасы болып турғанын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде Зульфия дөретиўшилигине итибардың үзликсиз даўамы сыпатында дөретиўши ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында болып келмекте.

– Зульфия апаның айталмаған сөзлери оның қосықларында, дәстанларында, аўдармаларында оғада гөззал тәризде сәўлелендирилген, – деди шайыр ҳәм журналист Қутлыбийке Рахымбаева. – Зульфия апаның дөретиўшилиги, өмири жаслар ушын елеге шекем ибрат мектеби болып хызмет етип атыр.

Илажда әдебият тараўында изленип атырған бир топар дөретиўши қызларға Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының саўғалары тапсырылды.

– Веб-сайтлардың мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша илимий жумыс алып барып атырған болсам да, Зульфия апаның пидәкерлиги, излениўлерден шаршамаўы бизлер ушын ибрат болып есапланады, – деди Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийеси, Халықаралық ислам академиясының магистранты Сайёра Раҳимова.

Ташкент медицинлық академиясының ректоры Алишер Шодмонов Президентимиздиң басламасы тийкарында жаратылған «Жазыўшылар қыябаны» жаслардың миллий әдебиятымызға, поэзияға болған меҳри ҳәм қызығыўшылығын буннан былай да күшейтиўге хызмет етип атырғанын атап өтти. Зульфияханым дөретиўшилигин үйрениў, үгин-нәсиятлаў бағдарындағы әмелий жумыслар ҳаққында толық сөз етти. Ташкент медицинлық академиясы тәрепинен шөлкемлестирилген Зульфия атындағы арнаўлы стипендия усы жердиң өзинде алдынғы студент-қызларға тапсырылды. Шайыр дөретиўшилиги бойынша өткерилген таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды.

Илажда Зульфияханымның естелигине гүл қойылды.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы