Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен «Ҳаял-қызлар менен жүзбе-жүз» жойбары шеңберинде бир қатар илажлар өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы ҳәм халық депутатлары районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары қатнасқан илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың шаңарақларына барып, олар менен жүзбе-жүз жақыннан сәўбетлесиў, машқалаларын анықлаў ҳәм оларға шешим табыў, орынларда аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды, соның ишинде, майыплығы болған, жумыс пенен тәмийинленбеген ҳаял-қызларды өз ўақтында анықлаў болып табылады. Олар менен жеке тәртипте, анық мақсетке бағдарланған жумыслар алып барыў, мәнзилли қоллап-қуўатлаў, кем тәмийинленген, перзентлери толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған ҳәм турақ жай менен тәмийинлеўге мүтәж шаңарақларға жәрдем бериўден ибарат.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Батыр Айтеков, халық депутатлары районлық Кеңесиндеги партия топарының ағзалары Айсәнем Аллаярова, Улбосын Измурзаевалар районлық медицина бирлеспесинде ислеўшилер менен пикирлесип, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилип атырған нызам ҳәм қарарлардың, елимизде бул бағдарда алып барылып атырған реформалардың  мазмун-мәнисине тоқтап өтти. Шыпакерлер ҳаял-қызларға медициналық мәсләҳәтлер берди.

Жойбар шеңберинде партия Кеңеслериниң жуўаплы хызметкерлери ҳәм депутатлар «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы Гүлзар Бабатованың шаңарағында болып, жағдайлары менен жақыннан танысты. Ол банктен жеңилликли кредит алып, «устаз-шәкирт» принципи тийкарында көплеген шәкиртлер таярлап келмекте.

Илаж қатнасыўшылары райондағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, баслаўыш класс оқыўшыларына аўқатлық затлардың санитария талаплары тийкарында берилип атырғанлығы, оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Мектептеги жас муғаллимлер менен оқыўшылардың қатнасында шөлкемлестирилген «Зәкаўат» интеллектуаллық ойынында қатнасты.

Жойбар даўамында партия қатарына жаңадан қабыл етилгенлерге ағзалық гүўалықлары тапсырылды.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы