Бажыхана уйымлары тәрепинен контрабандалық затлардың республикамыздың аймағына алып кирилиўи ҳәм тарихый әҳмийетке ийе буйымлардың нызамсыз алып шығылып кетиўине қарсы системалы жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Нөкис аэропорты» шегара бажыхана постының хызметкерлери тәрепинен  «Москва-Нөкис» авиарейси менен ушып келген пуқара А.С.ға тийисли сумка белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилгенде, онда жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, бажыхана хызметкериниң аўыз еки сораўында айтылмаған, жәми 75 дана аў мылтығының гильзасы (50 дана 12 калибрли, 25 дана 16 калибрли) бар екенлиги анықланды.

Сондай-ақ, усы пост арқалы «Москва-Нөкис» авиарейси бойынша ушыўы алдынан жолаўшы Ж.”. тийисли тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилгенде, оның қол сумкасында жолаўшының бажыхана декларациясында көрсетилмеген, бажыхана хызметкериниң аўыз еки сораўында айтылмаған 2 дана ески теңге бар екенлиги анықланды.

Ҳәзир жоқарыдағы жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги